
«Әдебиятымыздың жарық жулдызы» Гүлистан Шамуратова 85-жаста (методикалық қолланба)
КИРИСИЎ
Қарақалпақ әдебиятының байып раўажланыўында қәлемкеш ҳаял-қызлардың дөретиўшилик мийнетлери салмақлы орынлардың бирин ийелейди. Мине, усындай қәлемкеш апаларымыздың бири Гулистан Әмет қызы Шамуратова быйыл 85-жасқа толады. Шайырамыздың өмир жолына оның әдебиятқа қоcып киятырған улкен мийнетлерине қарап отырып халқымызда усындай әжайып ҳаяллардың барлығына қуўанамыз.Республикамыздың кең жәмийетшилиги арасында шайыр апамыздың 85-жыллық тойы кең турде белгиленбекте. Усыларды еспақа ала отырып Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайының мағлыумат – библиография тәрепинен «Әдебият аспанының жарқын жулдызы» атамасында методикалық қолланба ислеп шығылды. Бул қолланбаның биринши бөлими «Әдебиятымыздың жарасықлы гүли» деп аталып, бул бөлимде Г.Шамуратованың өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети хаққында сөз жүритиледи. Екинши бөлимде «Қәлемине бүлбил қонған шайыра» деп аталып китап оқыўшылар менен еслеў кешеси шөлкемлестирилсе болады. «Қосық пенен кеўлим пәкленер» атамасында китап көргизбесиниң методикалық жол-жобасы ҳәм соңында пайдаланған әдебиятлар дизими берилген.
«Әдебиятымыздың жарысықлы гүли»
Гүлистан Шамуратованың өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети
Мен ҳәмелдар, я ҳәким де емеспен,
Жер силкинтер жоқ дүр тутымым.
Атақ мәртебеңе қумар емеспен,
Бирақ, шайырыман туўған журтымның.
Халқымыз «Алп анадан, ат бийеден», «Қус ушса қанаты менен» сыяқлы ибратлы сөзлерди айырым талантлы, дилўар, ел аўзына тускен тақыўа инланлардың шығысына, шаңарағына, өскен уясына, алған тәлим-тәрбиясына қарап жийи қолланған. Соныңдай инсанлардың бири ХХ әсир көркем әдебияты менен мәденияты тарийхында белгили из қалдырған үлкен талант ийелери Әмет аға менен Айымхан апаның шаңарағында 1937-жылы дуньяға келген Гүлистан Шамуратованың дөретиўшилиги бүгинги күнге келип әйне толысқан, ел-халқына танылып гүлленген шағы. Гүлистан Шамуратова 60-жыллардан баслап кирип келген шайырлардың бири. Ол 1937-жылы 22-июньде Төрткүл қаласында туўылған. Болажақ шайыра өзиниң мийнет жолын 1956-1960 жылларда Қарақалпақстан радиосы хабаршы болып ислеўден баслады. Сол жыллары радиода ислеп журип өзиниң туңғыш қосықларын дөретеди. Гүлистан апа соның менен бирге Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын оқып питкерди. Билимлендириў министрлигиниң муғаллимлер уйинде китапхана баслығы болып жумыс ислейди. Оннан соң бурынғы «Жас Ленинши» газетасында әдебий хызметкер, ал 1960-жылдан баслап телевидение ҳәм радиоесттириў комитетинде редактор болып жумыс ислеў менен бирге әдебиятқа жақыннан араласа баслады. Соңғы жыллары Аўқамның көркем әдебиятты нәсиятлаў бюросында хызмет етип әдебиятымыздың ҳәр тәреплеме раўажланыўында ҳәм де оның жәҳән әдебиятына белгили болыўында үлкен мийнетлер етти. Шайырдың ең дәслепки қосықлар топламы Қарақалпакстан баспасынан 1971-жылы басылып шықты. 1974-жылы «Әрман», 1982-жылы «Мийрим» атлы нәўбеттеги қосықлар топламлары жарық көрди. Оның «Балам», «Улыма тилек», «Ана тилеги», «Улым улың өссе», «Жаны аман болғай жалғыз баламның» қосықларының ҳәр бири ананың перзентине болған меҳр-мухаббатының шексизлигин ҳәм ана баўырының, ана қәлбиниң кеңлигин сыпатлап береди. «Қоңсың тыныш – сен тыныш», «Қыяметли күн қоңсыдан» ҳ.т. басқа да даналық сөзлер менен әжайып қосықларын қоңсыларға арнап жазады. Лирикалық қосықларының бир топарын халқымызға кеңнен танымалы уллы талант ийелери болған Ж.Аймурзаевқа «Байтереги қарақалпақтың», И.Юсуповқа «Бир жақты жулдыз болып қалғансыз», М.Нурмуҳамедовқа «Марат ағаның естелигине» деп арнап қосықлар дөретти. Гүлистан Шамуратова өзиниң қәлемин драматургияда да сынап көрип бирқанша кишигирим пьессалар, мектеп сахналары ушын интермедиялар дөретип келмекте. 1991-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан басылып шыққан «Қанлы көл ўақыясы» атлы китабы болып табылды. 2001-жылы «Қарақалпақстан» баспасында басылып шыққан «Меҳригия сырласларым» китабына кирген «Жулдызы жанған келиншек», «Өмирге қуштарлық», «Ер қәдири», «Аналардың анасы», «Өнерлиниң қолы гүл» очерклеринде қарапайым қарақалпак ҳаял-қызларының нелерге уқыплығы екенлигин, мийнет сүйгишлигин, кеңпейиллигин мақтаныш пенен сөз етеди. Биз шайыраның қайсы бир топламын ямаса дөреткен жаңа поэмаларынан тартып қосықларына шекем алып қарасақ, онда халыққа терең ой-сезимлердиң оянғанын, адамларды дослыққа, бирге татыў жасаўға шақырады. Гүлистан Шамуратова 1976-жылы Жазыўшылар Аўқамының ағзасы соның менен бирге ол «Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери» деген ҳүрметли атаққа ийе болады. Қарақалпақстан телерадио компаниясында жумыс ислеў менен бирге поэмамыздың еле де раўажланыўына салмақлы үлес қосып келди. Халқымыз «Көркем өнер – халық мүлки» деп бийкарға айтпаған. Г.Шамуратова дөреткен бай мийраслар халқымыз ийгилиги, руўхый турмысымыз, өмиримиз ушын сапалы хызмет етип келди. Бүгинги күнде оның жазған қосықлары ҳәм поэмалары жас әўладларымыз тиллеринде яд болып қалады деген үмиттемиз.
«Қәлемине бүлбил қонған шайыра»
Китап оқыўшылар менен өткерилетўғын еслеў кешесиниң методикалық жол-жобасы
Қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкиллериниң қатарынан орын алған сөз шеберлериниң бири шайыра Гүлистан Әмет қызы Шамуратова быйыл 85 жасқа толады. Усы мүнәсибет пенен Мәлимлеме-китапхана мекемелеринде өткерилетуғын еслеў кешесин шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Бул кешеге Гүлистан Шамуратованың өмири ҳәм дөретиўшилик мийнетлерин китап оқыўшыларға кеңнен үгит-нәсиятлаўға шайырлар, жазыўшылар, әдебиятшы илимпазлар, муғаллим-устазлар ҳәм студент жаслар қатнасса болады.
«Қосық пенен кеўлим пәкленер» атамасында китап көргизбесиниң жол-жобасы
Быйыл қарақалпақ халқына белгили шайыра апамыз Гүлистан Шамуратова 85-жасқа толмақта. Бул сәнеге бағышлап Мәлимлеме-китапхана мекемелеринде оның шығармалары, қосықлары тийкарында китап көргизбесин шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Бул көргизбемиз оқыўшыларға аңсат, түсиникли болыўы ушын көргизбемизди еки бөлимнен ибарат етип қойса болады.
Пайдаланған әдебиятлар:
Таярлаған: Ж.Кадирбаева
2020 - 2026© Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы