
Муратбай Нызановтың Кегейли аймағында ылғый қуўақы, басқышыл, ҳәзилкеш, илме султан сөздиң жүйриги атанған қарақалпақ аўылларының биринде туўылып-өсип, кәмалға келиўи оның әдебиятқа ықласының тез оянып, сөз дүканының есигинен ертерек ишке үңилиўге, өнериниң қәлиплесиўине ҳәм раўажланыўына тәсирин тийгизди. Ҳәр түрли қатламлардан қуралған бул аўыллар ерте заманлардан баслап-ақ адам сынаўға, мақтап атқа, тоқпақлап соқалаған көк ешекке терис мингизиўге шебер сөз зергерлериниң жыллы уясы атанды. Алдар көсе, Өмирбек лаққы да Шымбай менен шегаралас Ақтубаның бир ҳәкис дығырығында туўылып, дузына нан басып жеген деседи. Шабандоз да, палўан да, шешен де, бақсы да, шынқобызға жан ендирип бүлбилди мына жерде қалдырған сулыўлар да сол дөгеректен көп шыққан. Жаўшы жиберип, жаў-шапқанда қызлары көрегенли, жигитлери ар – намыслы болған. Қулласы төбедегини түсирип, жердегини дүрликтирип ушырып сөйлеўге мустақ, қудай тилине берген халық! Соның ушын ҳәзирги жазыўшы -шайырлардың көпшилиги Кегейлиден шыққанлығына ҳәм келешекте де шыға беретуғынлығына таңланыўға болмайды. М.Нызановтың өмири де қосықтан басланады. Нөкис қалалық атқарыў комитетиниң баслығы Айназар Қунназаровтың дизимине үш айда зорға илингендеги арызы мынадай:
Қосықдеген «кесел» таўып,
Келип едик берман аўып,
Нөкис үлкен шәҳәрекен,
Сыйыўымыз болды қәўип.
Дурыс атым танылмады,
Нийетим бар танылғалы,
Кимге абырай жайсыз жүрсе,
Қарақалпақтың шайырлары!
М. Нызанов өткен әсирдиң жетписинши жылларының басында поэзия жанрының бир талабаны сыпатында Жазыўшылар Аўқамының табалдырығынан атлады. А.Дабылов, С.Нурымбетов, Т.Жумамуратов ҳәм Д.Айтмуратовлардың жарған арналарынан юмор ҳәм сатира деген кәраматлы ҳәм кийели дәрьяның ағысын бақлады. Муратбай әўели лирик болыўды әрман етти. Бирақ Ибрайымның изине жетип, асып түсиў мүмкин емес еди! Ара жүдә алшақ.. Сөйтип жүргенде Азиз Несинниң топламы қолынан түсер ме, армияда дастанып жатып оқыды. Орыстың Чеховы, украин С.Олейник, қазақтың Асқары, өзбектиң Сайд Ахмады… Қалған жағы ўйқасып кете берди. Ол қарақалпақ әдебиятындағы сатириктиң орнын жеңип алды. Халқымызда «Күлгенди сора -билгени барды, жылағанды сора өлгени барды» деген гәп бар. Бул тап юмор ҳәм сатираның түпкиликли қағыйдаларын түсиндириў ушын қолайластырылған нақыл сыяқлы.
М. Нызанов соңғы жыллары адамларды ойланып ис етиўге шақыратуғын тәрбиялық әҳмийети күшли шығармаларды көплеп дөрете баслады. Қарақалпақ әдебиятын керекли көркем бөлеклер, өткир сюжетлер менен тәмийнлеўшиниң ўазыйпасын атқара бериўден де көре алдында әллеқайда үлкен ўазыйпа турғанын енди оның өзи де түсинип жеткен еди. Сатира – күшлилердиң қуралы «Адам күлдиргени ушын» эссеси, «Жат журттағы жети күн» повести бул ойының дурыслығын дәлелледи. М. Нызанов жумыс орны ойынша ғана емес, ал таланты жағынан да өсти. Өзбек жазыўшысы Н. Фазылов: «Муратбай Нызанов өзиниң юморға, өткир сатираға бай дөретпеси менен айрықша көзге тасланып турады. Мен Муратбайды қарақалпақтың Азиз Несини дегим келеди. Оның сатиралық юмористлик гүрриңлери, драмалары сондай деўиме хуқық береди…» деп баҳалайды. Қарақалпақ лирикашылығы әзелден сатира – юморлық, ҳәзил қосықларға бай. Бул дәстүр, әсиресе, қарақалпақ шайырларының айтысларында айрықша көзге тасланады. Аўыр ойға талдыратуғын сатираның, жеңил күлки туўдыратуғын юмордың, салған жеринен кесип кете беретуғын сарказманың классикалық әдебиятымызда жақсы үлгилери бар. 80 – жыллардағы қарақалпақ лирикашылығында дабул дәстүр даўам етип атыр. Әсиресе, бул бағдарда сатирик шайырларымыздан Базарбай Қазақбаев пенен Муратбай Нызановлар табыслы қәлем тербетип киятыр. Муратбай Нызановтың қарақалпақ халқының мәдениятына, искусствосына қосып атырған және бир үлкен үлеси оның кино искусствосы тараўындағы хызметлери болып есапланады. Оның сценариясында “Танк”, “Уры”, “Курорт”, “Қоңсылар”фильмлери суретке алынды. М.Нызанов бүгинги күни мәдениятымыз ҳәм әдебиятымыздың елеўли үлес қосып киятырған талант ийеси.
Муратбай Нызанов авторлығындағы көркем фильмлер
Кинофильм атлары. Түсирилген жылы. Студия
Танька 2003 «Узбекфильм»
Уры 2009 «Қарақалпақфильм»
Курорт 2009 «Қарақалпақфильм»
Қоңсылар 2010 «Қарақалпақфильм»
1951-жылы Кегейли районында туўылған. Әпиўайы исши семьясында дүньяға келген. Миллети қарақалпақ, 1968-1971жыллары Кегейли районы М.Жуманазаров колхозы исшиси.1971-1973 жылы Армия сапында хызметте болған. 1977-жылы Қарақалпақ Мәмлекетлик университетин тамамлаған. Жоқары мағлыўматлы. Диплом бойынша оқытыўшы. Ол лирик болыўды арман еткен. 1980-жылдан Журналистлер аўқамының, 1981-жылы «Кегейли турмысы» газетасы әдебий хызметкери, 1993-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы. Муратбай өзиниң дәслепки дөретиўшилик жолын лирикалық қосықлар менен баслады. Шайырдың биринши қосығы республикалық жаслар газетасында 1966 –жылы «Қарақалпақстан» деген ат пенен жарық көрди. Оның туўылған жерге бағышланған тусаў кесер қосығы алдағы дөретиўшилик табысларына илҳам бағышлаўшы күш болды.
Бизлер бала жыллары,
Аўылдан кеўлим тоқеди,
Есигинде ҳеш кимниң,
Қулп түўе зулп жоқеди.
Бир қоңсыдан бир қоңсы,
Бөлип жемес тамағын,
Ана үйменен мына үйге,
Тасып жүрер табағын.
Аштан өлип қалса да,
Ағарғанын сатпайды,
Өзи жемей, тапқанын,
Қонағына сақлайды.
Шайырдың қосықлары Кегейли районлық газетасында, республикалық «Жеткеншек», «Еркин Қарақалпақстан» газеталары менен «Әмиўдәрья»журналларында избе-из жәрияланып турды. Сексенинши жылларға келип ол жанрлық жөнелисин бирден өзгертти. Буған Азиз Несинниӊ; «Муш кетти» китабы, сондай-ақ қазақ шайырлары Асқар Тоқмағамбетов, Оспанхан Әбубәкиров, украин шайыры Степан Олейниклердиң шығармаларының тәсири күшли болды. М. Нызанов сатира-юмор жанрында басқалар айытпаған тың пикирлерди айтып, өз алдына толқын болып кирип келди. Ол (қосық), «Нышана» (гүрриң), «Күлким келеди» (қосық), «Адам күлдиргени ушын» (ҳәзил), «Сизге болмайды» (юмор), «Жат журттағы жети күн» (повесть), «Ырасын айтсаң урады» (юмор), «Ишек силем қатты мениң» (сатира), «Еки қанқор» (повесть), «Ғәзийне» (гүрриң), «Жақында қызық болады» (гүрриң), «Еки үйректиң тоғыз бөтекеси» (юмор), «Ақшагүл» (повесть),«Телефон жинниси» (ҳәзил), «Ақырет уйқысы»(повестьи), «Ашық болмаған ким бар» (роман), «Ҳәмелден түскен қандай болады» (гүрриң), «Түнде уйықлайтуғын адам» (сатира), «Еркектиң бир күни» (сатира), «Күлме маған» (юмор), «Ҳаўа кемесиндеги екеў»(повест ҳәм драма)(2014) сондай-ақ таңламалы шығармаларының бес томлығын (2008-2016) жәриялады ҳәм «Душпан» (роман) бул жазған ҳәр бир шығармасы оқыўшылардың кеўлинен жай таба билди. Муратбай Нызановтың қарақалпақ халқының мәдениятына, искусствосына, қосып атырған және бир үлкен үлеси оның кино искусстосы тараўындағы хызметлери болып есапланады. Бул жанрда жазыўшының жигирмаға жақын китаплары, еки комедиясы «Еки дүньяның әўереси», «Кулме маған», үш кинокомедиясы – «Танк», «Уры», «Курорт», «Қоңсы-қобалар» фильмлери суўретке алынды, жәмийетшилик дыққатына усынылып, олар ылайықлы баҳаларына ийе болды. Жигирма биринши әсирдиң басында жазыўшы реалистик прозаға қол урды. Бүгинги миллий әдебиятымызда талантлы жазыўшыларымыздың бири болып жетилискен Муратбай Нызановтың биринши қәдеми поэзиядан басланған еди. Ол дәслеп өмир философиясы ҳаққында, соңын ала сол турмыстың писип жетилиспеген шийки ямаса орынсыз асып-тасып баратырған көринислерин поэзияның сатиралық қуралы менен түйреп баслады. Соң прозалық шығармаларға өтти. Драматург ҳәм киносценарияшы сыпатында табыслы қәлем тербетип киятыр. Руслардың талантлы адам – барлық нәрседе де талантлы дегениндей, оның қәлеминен шыққан әдебий шығарма қайсы жанрда жазылса да, өз халқының әсирлер даўамында қәлиплескен үрп-әдетлерин терең билетуғыны, сөйлер сөзге тилге бай екени көринип турады. Бул жазыўшының басқа жазыўшылардан тийкарғы айырмашылығы – оның журналистлик шаққанлық пенен бүгинги күн нәпесин әдебиятқа алып келиўи. Муратбай Нызанов драматург сыпатында да бир қатар сахналық шығармалар дөретип, үлкен табысқа еристи. Оның «Еки дүньяның әўереси» шығармасы миллий театрымызда сахналастырылып, авторға даңқ, абырай әкелди. Бул комедия «Сийрек ушырасатуғын нусқа» атамасы менен 1994-жылы Өзбек академиялық театрында да қойылып, тамашагойлердиң кеўлинен шықты. Муратбай Нызанов ғәрезсизлик жылларында баспадан 19 китап шығарды. Әсиресе, 2002-2004 жылларда оның «Ақшагүл» повести жазыўшыға жүдә үлкен даңқ-абырой алып келди. Бул повести 2006-жылы Өзбекстан көлеминде өткерилген «Истиқлол замонимиз қаҳрамонлари» таңлаўында биринши орынға миясар болып, пүткил өзбек оқыўшыларының да зор ықласына миясар болды. Повесть кешикпей «Жаҳон адабиёти» журналында жарық көрди. Бул табыслардан илҳамланған жазыўшы екинши көлемли шығармаға киристи. Оқыўшылар күткениндей 2009 –жылы баспадан шыққан «Ақырет уйқысы»повести де бүгинги талғамы күшли оқыўшылар қәлбинен жай алды. Ол және бир көлемли шығарма «Душпан» романының биринши китабын жазып питкерди. Муратбай Нызанов «Ақшагүл», «Ақырет уйқысы» ҳәм «Душпан» шығармаларында инсан психологиясын кең, ҳәр тәреплеме ҳәм терең үйрениўи, инсанды түсиниў, оның кеўил кеширмелерин сезе билиўде үлкен табысқа еристи. Ол дөреткен образлар китап оқыўшыларын бийпәрўа қалдыра алмайды, олардың қуўаныш ҳәм тәшўиш, қыйыншылықларына шерик, дәртлес болыўға, оларға ылайық болыўға умтылады. 1994-2002 жылға дейин «Қарақалпақстан» баспасы директоры. 2002-2003 жыл Қарақалпақ телерадиокомпаниясы баслығының орынбасары, 2003-2013 жыллар «Қарақалпақфильм» киностудиясы директоры болып халыққа белгили инсанларға айланды. Жақсы лаўазымларда жумыс иследи. Ол өзиниң тынбай излениўиниң арқасында белгили атақ ҳәм сыйлықларына миясар болды. Муратбай Нызанов қайсы жанрда жазбасын, өз халқының әсирлер даўамында қәлиплескен үрп-әдетлерин, салт-дәстүрлерин терең сезиниўи, шығармаларының тилиниң байлығы менен айырылып турады. 1999-жылы «Дослық» ордени менен сыйлықланды. 2001-жыл Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәданият хызметкери, 2004 – жыл «Бердақ» атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, 2012 –жыл «Қарақалпақстан халқ жазыўшысы» атағы берилди. Ҳәзирги ўақытта жазыўшымыз бес перзенттиң атасы, төрт ақлықтың әдиўли атасы, ул қызларыда жоқары мағлыўматлы көрегенли шаңырақлардан есапланады. Бүгинги күни мәдениятымыз ҳәм әдебиятымыздың буннан былай да раўажланыўына елеўли үлес қосып киятырған талант ийеси есапланады. 2013 жылдан ҳәзирге күнге шекем «Билим» баспасының директоры лаўазымында жумыс ислеп атыр.
Муратбай Нызановтың өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети дәўириндеги тийкарғы сәнелер.
1951 – жыл. -Кегейли районының «Ақтуба» елатында дүньяға келди
1968 – 1971 – жыл. – Кегейли районы М. Жуманазаров колхозы исшиси
1971 -1973 – жыл. – Армия сапында хызмет
1973 -1981 – жыл. – «Кегейли турмысы» газетасы әдебий хызметкери
1980 – жыл. -Журналистлер аўқамының ағзасы
1982 -жыл. – Жеткиншек газетасы ағзасы
1982 – 1983 – жыл -«Еркин Қарақалпақстан» газетасы ағзасы
1983 -1991-жыл – Қарақалпақтелевидениеси бас редакторы
1991 -1994 -жыл. -«Арал» журналы бас редакторы
1993 – жыл. – Жазыўшылар аўқамының ағзасы
1994-2002 -жыл.- Қарақалпақстан» баспасы директоры
2002 – 2003 -жыл. – Қарақалпақтелерадиокомпаниясы баслығының орынбасары
2003 – 2013жылы. – Қарақалпақфильм» киностудиясы директоры
2013 -2018 жыл. –«Билим» баспасының директоры.
Муратбай Нызановтың алған атақ ҳәм сыйлықлары
1999 – жыл. «Дослық» ордени менен сыйлықланды.
2001-жыл. Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәданият хызметкери,
2004 – жыл. «Бердақ» атындағы Мәмлекетлик сыйлығы лауреаты
2012 – жыл. «Қарақалпақстан халқ жазыўшысы» атағыберилди
Муратбай Нызановтың шығармалары қарақалпақ тилинде
Муратбай Нызановтың шығармалары өзбек тилинде
Муратбай Нызанов ҳәм оның шығармалары ҳаққында
Дүзген: Ж.Кадырбаева
2020 - 2026© Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы