
Бүгин, 07-июнь күни, Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайыныӊ, Мәлимлеме-коммуникация технологиясы ҳәм санластырыў хызмети баслығы М.Кадиров тәрепинен, Мектепке шекемги билимлендириӯ бѳлимине қараслы районлық 16-санлы Мектепке шекемги билимлендириӯ шѳлкеминде Ѳзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың «Жаслар мәнәӯиятын раӯажландырыӯ ҳәм олардың бос ӯақытларын мазмунлы шѳлкемлестириӯ бойынша 5 бағдардын бири, 4-бағдар жаслар мәнәӯиятын раӯажландырыӯ, олар ортасында китапханлықты ен жайдырыӯ бойын»ша «Балалар китапхана итибарында» сүрени астында китаплар кѳргизбеси менен таныстырылып, ертеклер айтып берилди. 16-санлы мекепке шекемги билимлендириў шөлкеминиӊ методисти Н.Шамуратовада қатнасып балалардыӊ китапқа деген кызығыўшылығы ҳаққында жақсы пикирлерин айтып өтти.
Соӊ, М.Кадиров балаларға «Эгри ва туғри», «Аш қасқыр», «Балиқчи ва балық», «Донишманд бобо» ертеклери бойынша айтып, «Аңқаӯ ғарры» ертегин айтып бериӯ даӯамында, етектиң мазмуны ҳаққында балалар менен сәӯбет қылынып, ғаррының ҳәр бир ӯақыядағы ис ҳәрекетлери додаланды. Бунда, балалар жақсы қатнасып, балалардың дурыс ҳәм қәтени айыра алыӯы, ҳәр бир затты ѳз орнында пайдаланыӯ кереклиги түсиндирилди.


2020 - 2026© Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы