Тақыятас районы
Мәлимлеме-китапхана орайы

Уллы шайыр Мир Алишер Наўайы туўылғанына 581 жыллығы ҳәм Заҳриддин Муҳаммед Бабур туўылғанына 539 жыллығы мүнәсәбети менен “Закаўат ” интеллектуал ойыны шөлкемлестирилди.


Усы жылдың, 14-февраль күни Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы, районымыздағы 99651- санлы әскерий бөлим менен биргеликте уллы шайыр Мир Алишер Наўайы туўылғанына  581 жыллығы ҳәм Заҳриддин Муҳаммед Бабур туўылғанына 539 жыллығы мүнәсәбети менен “Закаўат ” интеллектуал ойыны шөлкемлестирилди.


Иләжға, Тақыятас  районы Мәлимлеме-китапхана орайы, Тақыятас районы ҳәкимлиги, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Такыятас районы бөлими, 99651-санлы әскерий бөлим командири орынбасары Х. З. Андаев кирис сөзи менен ашып берип, бүгинги иләждың мақсети менен таныстырып, еки уллы инсан, бабаларымыз Мир Алишер Наўайы ҳәм Заҳриддин Муҳаммед Бобурдыӊ туўылған күнлери менен қатнасыўшыларды қутлықлады.

Оннан кейин, «Закаўат» ойыны  бойынша жюрий ағзалары таныстырылып, район бирлеспеген жасларынан «Наўайы», әскерий бөлим хызметкерлеринен «Темурыйлар», әскерий бөлим әскерлеринен «Бабур», район Халық билимлендириў бөлимине қараслы 7 -санлы мектеп оқыўшыларынан «Пәний» командалары дүзилиб, өз-арасында беллести.«Закаўат» ойынына, Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайының Абонемент ҳәм пайдаланыўшыларға хизмет көрсетиў хызмети қәнигеси Д. Халбаева басшылық етип, сораўлар тийкарынан, еки уллы инсанның өмири ҳәм дөретиўшилиги, өмири даўамында әмелге асырған жумыслары ҳәм китаплары бойынша сораўлар дүзилиб, берилген сораўларға анық ҳәм туўры жуўап берген жеңимпаз деп табылып,

Халық билимлендириў бөлимине қараслы 7- санлы мектеп оқыўшыларынан «Пәний» командасы биринши орынды ийеледи. Жеңимпазларға естелик ушын, диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.