Тақыятас районы
Мәлимлеме-китапхана орайы

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының, Өзбекстан Журналистлер дөретиўшилик аўқамының ағзасы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген журналист Жолдасбай Нурыллаевтыӊ өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған библиографиялық қолланба.

Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген журналист Жолдасбай Нурыллаевтыӊ өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети

          Жолдасбай Нурыллаев 1950 жылы  4 июньда Хожели районы Сарышуӊгил аўылында туўылды, 1971-жыл Өзбекстан Журналистлер дөретиўшилик аўқамыныӊ ағзасы. Билими жоқары, Нөкис мәмлекетлик университетин питкерген, қәнигелиги филолог, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы.  Мийнет жолын 1969 жылы Хожели районлық газетасында районлық радио еситтириўди шөлкемлестириўши болып ислеў менен баслады, соң аға әдебий хызметкер, 1980 жылға шекем газетаның жуўаплы хаткери болып журналистлик хызметин даўам еттирди.
1980-1984 жыллары ҳәзирги республикалык  «Еркин Қарақалпақстан» газетасында арнаўлы хабаршы, әдебият, мәденият ҳәм көркем өнер бөлиминиң баслығы лаўазымында иследи. Сол жыллардағы газетаның Бас редакторы Өзбекистан қаҳарманы, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтын басшылығында қарақалпакстан әдебиятын, мәдениятын ҳәм журналистикасын раўажландырыўға үлес қосты.
Республика ҳүкиметиниң тапсырмасы менен 1984-1987 жыллары Бозатаў районлық «Ылғаллы мийнет» газетасын ашты ҳәм газета мийнет жәмәәтине басшылык етти.
1987-1989 жыллары республикалық «Жеткиншек»  газетасында бөлим баслығы, 1989-1990 жыллары Қарақалпақстан радиосының Тақыятас қаласындағы музыкалы хабар радио редакциясының жуўаплы  редакторы болып иследи.
1990-жылы 26-декабрьде  Тақыятас қалалык  «Халық даўысы»  газетасының биринши санын шығарды, қалалык газетаға 2010 жыл июнь айына дейин басшылык етти, 2010 жыл  июнь айынан баслап жумысты қойып,  жасы бойынша пенсияға шықты.
2011 жылдын 7-ноябринен 2017 жылдын акырына дейин Тақыятас қалалық «Нураный» қорының баслығы лаўазымында (жәмийетлик тийкарда, ис ҳакысыз)   иследи.  2010-2014 жыллары Тақыятас қалалык,  Хожели районлық Кеңесиниң депутаты болды. Шаңарақлы, төрт перзенттиң, сегиз ақлықтың атасы.

1971 жылдан Өзбекстан журналистлер дөретиўшилик аўқамының ағзасы. Журналист ҳәм шайыр Жолдасбай Нурыллаев алты қосық ҳәм пубилицистикалык китаплар авторы. 1983 жылы «Жаслық лирикасы», 2017 жылы «Ел ушын емиренген азамат еди» китаплары баспадан шықты, 2017 жылы белгили озбек жазыўшысы Нуралы Кабулдың «Сахыпкыран Амир Темур, Тохтамысхан менен Едиге батыр» романын (600 бетлик) қарақалпак тилине аударды. Оның публицистикалық дөретпелери менен қосықлары ҳәзир де   республикалық газеталарда жәрияланып, Қарақалпақстан телевидениесинде берилип турыпты.  2016 жылы бабамыз Амир Темурдын туўылғанына 680 жыл толыўы ҳүрметине белгили өзбек жазыўшысы Нуралы Кабулдын «Султаннын соңғы яки Әмир Сахыпқыран ҳәм Тохтамысхан менен Едиге батыр тарийхий романын қарақалпак тилине аўдарып китап етип шығарды,  2017 жылы «Елим деген емиренген азамат еди» атлы публицистикалык китабы шыкты, 2018 жылы Ташкент каласында «Ўатан, ана-теберик», 2020 жылы «Туйгылар тилсими»  косықлар топламы, өзбек тилинде балалар ушын «Сумалак», 2020 жылы «Туйгылар тилсими»   қосықлар топламы басылды.    Ҳәзирге шекем 7 әдебий китабы Ташкент ҳәм Нөкис қалаларында басылып шықты.  Жемисли хызмети ушын 1995-2000 жыллары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ “Ҳүрмет жарлығы” менен сыйлықланды. 2000 жылы “Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигине 15 жыл” көкирек нышаны менен сыйлықланған. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының,  Өзбекстан Журналистлер дөретиўшилик аўқамының ағзасы Жолдасбай Нурыллаевқа 2021 жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген журналист” ҳурметли атағы берилди.

                                        Мийнет жолы

1969-1971  Хожели районы радио еситтириў редакциясы шөлкемлестириўшиси.

1971-1973  Хожели районы «Хожели хақыйқаты» газетасы аға әдебий хызметкери.

1975-1980 «Хожели хақыйқаты» газетасы жуўапкер хаткери

1980-1981 «Еркин Қарақалпақстан» газетасыныӊ арнаўлы тилшиси.

1981-1983 «Тақыятас нурлары» газетасы редакторы.

1983-1984 «Еркин Қарақалпақстан» газетасы бөлим баслығы.

1984-1987 Бозатаў районы «Ылғаллы мийнет» газетасы редакторы.

1987-1989 «Жеткиншек»  газетасы бөлим баслығы.

1989-1990  Тақыятас қаласы радиосы редакциясыныӊ жуўапкер редакторы.

1990-2010 Тақыятас қаласы «Халық даўысы»  газетасы редакторы.

2011-2018 Тақыятас қаласы «Нураный» қоры баслығы.

Таярлаған:                             Ж.Кадирбаева