Тақыятас районы
Мәлимлеме-китапхана орайы

9-Май «Еслеў ҳәм қәдирлеў» күни мүнәсебети менен саяхат шөлкемлестирилди.

Бүгин, 07-май күни, Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы тәрепинен, китапхан жасларымыздыӊ қатнасыўында, Екинши жер жүзлик урыста ерисилген жеӊиске 76 жыл толыў мүнәсебети менен районымыз аймағындағы «Ҳәсиретли Ана» ҳәм «Естелик монументи»не саяхат шөлкемлестирилди.
Саяхат даўамында, «Ҳәсиретли Ана» естелигине ҳүрмет етилип, гүллер қойылды ҳәм урыс қатнасыўшылар дизим китабы ҳаққында түсиник берилди.


Соныӊ менен бирге, китапханамызға жаӊадан келген, урыс хаққында жазылған «1941-1945 йилларда Ўзбекистон халқининг фашизм устидан қозонилган ғалабасига қўшган ҳиссаси» китабы бойынша мағлыўмат берилип, бунда, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтыӊ пәрманы, урыс қатнасыўшыларыныӊ ерискен ерликлери, әскерлердиӊ сағыныш сәлем хатлары, сол дәўирдеги халықтыӊ турмыс шараяты ҳаққында айтып өтилди. Саяхат мазмунли ҳәм көтериӊки кейпиятта өткерилди.