Қутлықлаў!!!
Өзбекстан Республикасы халқына мәлимлеме-китапхана хызметин және де жетилистириў ҳаққындағы 2019-жыл 7-июндағы ПҚ-4354-санлы қарарын орынлаў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2020-жыл 22-декабрьдеги 803-санлы қарарына тийкар «Ахборот-кутубхона аълочиси» көкирек нышаны ҳаққындағы нызам, көкирек нышаны ҳәм оныӊ гуўалығы тастыйықланған еди.

Бүгинги күнде,Өзбекстанда китапхана тараўында биринши мәрте, көп жыллық тәжирийбеге ийе мийнети, китапхана тараўы, соныӊ менен бирге, жәмийетте китапханлық мәдениятыныӊ раўажланыўына қосқан үлеси ушын Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы директоры Несибели Султанова Азимовна «Ахборот-кутубхона аълочиси» көкирек нышанын алыў несип етти.

Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы жәмәәти Несибели Султанова Азимовнаны «Ахборот-кутубхона аълочиси» көкирек нышаны алыўы мүнәсебети менен шын жүректен ҚУТЛЫҚЛАЙМЫЗ!!!
2020 - 2026© Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы