
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Өзбекстан Қаҳарманы, Қарақалпақ тарийхында салмақлы из қалдырған инсан Төлепберген Қайыпбергенов тири болғанында быйыл 92 жасқа толған болар еди. Бул сәне Қарақалпақстан Республикасында кеӊ турде белгиленбекте. Усы мунәсебет пенен Мәлимлеме-китапхана орайыныӊ Мағлыўмат-библиография хызмети тәрепинен «Өз журтын дәстан еткен жазыўшы» атамасында методикалық қолланба ислеп шығылды. Қолланбаныӊ биринши бөлими «Әдебият майданыныӊ ири тулғасы» деп аталып, бунда Т.Қайыпбергеновтыӊ өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети ҳаққында сөз етиледи. Екинши бөлим «Дәўиримиздин Қаҳарман жазыўшысы» деп аталып, бул бөлимде китап оқыўшылар менен ушрасыў кешесиниӊ методикалық жол-жобасы берилмекте. Ушинши бөлимге Мәлимлеме-китапхана мекемелеринде шөлкемлестирилетуғын «Жазыўшыныӊ дөретиўшилик дуньясы» атамасында китап көргизбесиниӊ әдебиятлар дизими берилген.
«Әдебият майданыныц ири тулғасы»
Төлепберген Қайыпбергеновтыӊ өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети ҳаққында
Проза жанрында қәлем тербетип тек ғана карақалпақ әдебиятында емес Орайлық Азия халыклары әдебиятында, ҳәттеки дунья халықлары әдебиятында да ылайықлы орын ийелеген, каракалпак халқын дуньяга таныткан жазыўшы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Өзбекстан Қаҳарманы Төлепберген Қайыпбергенов 1929-жылы 7-майда Кегейли районыныӊ аймағындағы Шортанбай ауылында дийхан семьясында дуньяга келди. Болашак жазыўшы еле ауылдағы мектепте оқып журген уақытларында-ақ, зийрек, уқыплы оқыўшы болды. 1945-1947-оқыў жылларында Хожели педучилищесин оқып питкергеннен соӊ, 1947-50-оқыў жылларында аўыл муғаллими болып ислеген, 1950-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтыныӊ рус тили ҳәм әдебияты бөлимине оқыўға туседи. Тап усы уақыттан оныӊ әдебиятқа араласыўы басланды. Ол дәслеп киши қосықлар жазды. Ал еӊ дәслепки гурриӊ ҳәм очерклери “Блокнот сөйлейди” деген топламында басылып шықты. 1955-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтыныӊ рус тили ҳәм әдебияты факультетин тамамлағаннан соӊ «Әмиудәрья» журналыныӊ хатлар бөлиминде, радио еситтириў комитетинде редактор, Жазыўшылар аўқамында жуўаплы хаткер болып иследи. 1959 – 64-жылларда әўели жаслар газетасыныӊ редакторы, кейин баспаныӊ директоры болды. Буннан соӊ 1964 – 67 – жыллары Қарақалпақстан телевидение ҳәм радио еситтириў комитетинде, 1967-1980 жыллары Қарақалпақстан баспасөз басқармасы баслығыныӊ орынбасары болды. 1980-жылы сентябрь айында Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамыныӊ баслығы болып сайланды. Төлепберген Қайыпбергеновтыӊ шығармалары баспа сөзде 1955 жыллардан баслап жәрияланып киятыр, оныӊ китапларыныӊ басым көпшилиги өзбек, рус, қырғыз, туркмен, украин, эстон, молдаван, англичан, поляк ҳәм де басқада тиллерде басылып шықты. Сондай-ақ, Төлепберген Қайыпбергеновтыӊ көплеген интервьюлери, шығып сөйлеўлери, мақалалары Англия, Арабстан, Ҳиндистан, Япония, Венгрия, Голландия мәмлекетлериниӊ баспа сөзлеринде басылған. Жазыўшы өзиниӊ көп ғана прозалық дөретпелери менен қарақалпақ әдебиятын байытты, оныӊ очерклери, гурриӊлери, романлары миллий көркем прозамызда өз орнына ийе. Төлепберген Қайыпбергеновтыӊ ҳәзирге шекем “Секретарь”, “Муғаллимге рахмет”, “Суўық тамшы”, “Уйқысыз тунлер”, «Тәнҳә өзиӊе мәлим сыр», «Қара дәптер» повестьлери, «Соӊғы ҳужим», “Қарақалпақ қызы”, “Қарақалпақ дәстаны”, “Көздиӊ қарашығы”, “Қарақалпақнама” романлары, сондай-ақ ғәрезсизлик дәўирине тийисли “О дуньядағы атама хатлар”, “Қәлбимниӊ қамусы”, “Туркийнама”, «Қарақалпақпан, тәўекелшимен» дөретпелери, көп санлы публицистикалық шығармалары жәрияланды, олар ҳәзирги қарақалпақ прозасыныӊ буннан былай да раўажланыўында улкен әҳмийетке ийе болып табылады. Жазыўшыныӊ 195 жылы «Почтальон келгенде» атлы гурриӊи биринши реет жарық көрди. Соннан кейинги жыллары жазыўшы болып қәлиплести ҳәм жоқарыда атап өтилген шығармаларын дөретти. Ол көркем әдебият тараўындағы хызметлери ушын Бердақ атындағы Қарақалпақстан Республикалық, Хамза атындағы Өзбекстан Мәмлекетлик сыйлықларын алды. Буннан басқа ол 1986 жылы «Қарақалпақ дәстаны» трилогиясы ушын бурынғы аўқамныӊ мәмлекетлик сыйлығына, 1994 жылы «Қарақалпақнама» роман-эссеси ушын М.Қашғарий атындағы халықаралық (Орта Азия) сыйлыққа мияссар болды. Төлепберген Қайыпбергенов 2003 жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» атағын алыўға еристи. Төлепберген Қайыпбергеновтыӊ дөретиўшилигинде повестьлер улкен орын тутады. Мәселен: 1956 жылы жарыққа шыққан «Секретарь», 1958 жылы жәрияланған «Муғаллимге рахмет» повестьлери жазыўшыныӊ дәслепки повестьлеринен болып, олар қарақалпақ әдебиятында повесть жанрын раўажландырыўда белгили орынды ийелейди. «Суўық тамшы», «Уйкысыз тунлер» повестьлери көркемлик дәрежеси жоқары, усы жанрдыӊ талапларына жуўап беретуғын шығармалар болды. Усы еки повестьдеги Камал ҳәм Гулзар Қарақалпақова образлары қарақалпақ әдебиятындағы еӊ шебер жасалған образлар қатарында тилге алынады. Жазыўшыныӊ 1960 жыллары жарыққа шыққан «Соӊғы ҳужим», «Қарақалпақ қызы» романлары миллий прозамызда қаҳарман характериниӊ эволюциясын суўретлеўде әҳмийетке ийе болған шығармалар қатарына киреди. 60 жыллардыӊ екинши ярымынан баслап «Қарақалпақ дәстаны» трилогиясы жәриялана баслады. Бул трилогия улкен көркем шығарма болып, ол ҳақыйқый сөз шебери – қолы гул уста тәрепинен өз халкын айрықша меҳир-мухаббет пенен суйетуғын жазыўшыныӊ журек көзи менен жаратылған. Роман рус, өзбек, қазақ, туркмен тиллерине аўдарылды. Роман уш китаптан ибарат: “Маман бий” әпсанасы, “Бахытсызлар”, “Тусиниксизлер”. Трилогияда карақалпақ халқыныӊ 18-19 әсирлердеги турмысы тарийхый фактлер тийкарында көркем тилде ашып берилген. Романныӊ биринши китабы «Маман бий» әпсанасы роман трилогияныӊ биринши китабы болып, тийкарғы орайда 18- әсирдеги қарақалпақ батыры Маман бийдиӊ тарийхый ҳәрекети турады. Трилогияныӊ екинши китабы – «Бахытсызлар» романы. Бунда қарақалпақ халқыныӊ 19-әсирдиӊ биринши ярымындағы өмири суўретленеди. Роман сюжетиниӊ орайында халқымыздыӊ тарийхындағы белгили тулға – Айдос бий турады. Усы образды жасаў ушын жазыўшы Бердақтыӊ «Айдос баба» шығармасындағы Айдос образын ҳәм тарийхый шынлықты басшылыққа алады. Айдос ойшыл, өз ҳалкыныӊ тәғдирин тереӊнен ойлай алатуғын адам. Ол қала салыў, егин егиў мәдениятын раўажландырады. «Мириўбет куни» деген бир-биреўге ғамқорлық көрсететуғын кунди ойлап шығарады. Буннан басқада көп ғана жаксы ислерди әмелге асырады. Романныӊ ушинши китабы – «Тусиниксизлер» романы. Ерназар Алакөздиӊ өз халкыныӊ басшысы болып, Хийуа ханлығы зулымлығына қарсы алып барған гуреслерин суўретлеўге арналған. Романда Ерназар Алакөз, Ерназар Кенегес, Бердақ шайыр, Зарлық, Жанғазы, Қарақум Ийшан, Қумар анна, Сайыпназар, Гулзийба, Теӊел, Қаллыбек, Генжемурат сыяқлы образлар берилген. Ерназар Алакөз образы – әдебиятымыз тарийхында Маман бий, Айдос баба ислерин даўам етиўши, өз халқыныӊ ғәрезсизлиги ушын гурес алып барған батыр, тарийхый адам образы болып табылады. Бул роман тийкарынан аты тарийхта әпсана болған адам Ерназар Алакөздиӊ өмирин ҳәм ол жасаған дәўирдеги қарақалпақ халқыныӊ тарийхын суўретлеўге арналған. Төлепберген Қайыпбергенов «Қарақалпақ дәстаны» трилогиясынан кейин «Көздиӊ қарашығы» романын, «Қарақалпақнама» роман-эссесин жазды. Жазыўшыныӊ «Көздиӊ қарашығы» романы тарийхымызда тубалаўшылық жыллары деп аталған дәўир шынлығынан алынған. «Қарақалпақнама» роман-эссеси бугинги әдебиятымыздыӊ жоқары көркемлик ҳәм идеялық талабынан туўган. Автор романда мифлерди, әпсаналарды, легендаларды, дидактикалық пикирлерди эволюциялық жол менен турмыслық материалларға араластырылып суўретлейди. Төлепберген Қайыпбергеновтыӊ жоқарыда аты аталған дөретпелери тек ғана қарақалпақ прозасында ғана емес, ал путкил туркий әдебий-эстетикалық ой дуньясында улкен жаӊалық болды. Бул шығармалар миллий-эпикалық ҳәм 20-әсир реалистлик прозасы дәстурлериниӊ принциплерин бир-бирине синтезлестирип, оларды ҳәзирги шешилиўи тийис проблемалардыӊ көркем жылнамасын дузиўге хызмет еттириўге деген жазыўшыныӊ умтылысынан дөреген. Жазыўшыға «Қарақалпақнама» роман-эссеси ушын М.Қашғарий атындағы халықаралық (Орта Азия) сыйлықтыӊ берилиўи ғәрезсизлик жылларындағы қарақалпақ прозасында улкен ўақыя болды. Ғәрезсизлик жылларында да Төлепберген Қайыпбергенов әдебиятымызды өзиниӊ көркем форма, жанр ҳәм стиль саласындағы изленислери менен байытты. Буныӊ мысалы сыпатында оныӊ «О дуньядағы атама хатлар» роман-эссесин келтириўге болады. Бул дөретпе тиккелей Арал трагедиясына арналып, ол өзбек, француз тиллерине аўдарылды. Усы арқалы путкил регионға қәўип салған апатшылық ҳаққында жер жузи халықларына мәлимлеўде улкен хызмет етеди. Буннан кейин жазыўшы «Туркийнама», «Қарақалпақтыӊ өз қалпағы менен сырласыўы», «Қәлбимниӊ қамусы», «Қарақалпақпан, тәўекелшимен» шығармаларын дөретти. Бул шығармалар өзиниӊ жанрлық-формалық, идеялық-тематикалық бағдарлары бойынша жаӊалық болып қалмастан қарақалпақ әдебиятыныӊ усы жыллардағы жетискенликлеринен болды. Жазыўшыныӊ дөретиўшилигиниӊ және бир улкен бөлегин оныӊ публицистикалық мақалалары қурайды. Төлепберген Қайыпбергенов 20-әсирдиӊ 80 жылларыныӊ екинши ярымынан баслап елимизде Жазыўшыныӊ дөретиўшилигин қарақалпақ әдебиятшы алымлары менен бирге өзбек жазыўшы-шайырлары, илимпазлары Камил Яшин, Одир Якубов, А.Қаҳҳар, А.Орипов, П.Шермухаммедов, рус изертлеўшилери З.С.Кедрина, М.Пархоменко, Ю.Суровцев, М.Ломунова, Т.Давыдова, З.Г.Османова, қаракалпақ алымлары академик М.Нурмухамедов, З.Насруллаева, К.Султанов ҳәм басқа да белгили илмпазлар изертледи. Солай етип, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы халықаралық М.Қашғарий, Шолохов атындағы сыйлықлардыӊ лауреаты, Өзбекстан Қаҳарманы Төлепберген Қайыпбергенов өзиниӊ өлмес шығармалары арқалы 20-әсир классиклериниӊ бирине айланды. Жазыўшыныӊ әдебиятымыздыӊ раўажланыўына қосқан әжайып мийнетлери жоқары баҳаланып, Өзбекстан Республикасыныӊ “Шухрат” медалы, “Дослық”, “Ел – журт хызмети” орденлери менен сыйлықланды, сондай-ақ еӊ жоқары сыйлық “Өзбекстан Қаҳарманы” атағын алыўға мияссар болды. 2010 жылдыӊ 14-сентябрьнде арамыздан кетти.
Төлепберген аға айтсам ырасын,
Даралап тердиӊиз сөздиӊ сарасын.
Әсирлердиӊ тинтип қарап арасын,
Тарийхый роман жазған сен едиӊ.
Белгили жазыўшылар ҳаққында :
Төлепберген Қайыпбергенов
“Ҳәр бир халықтыӊ сондай перзентлери бар, оларды өзиниӊ туўған халқыныӊ маӊлайына таӊ жулдызы десе арзыйды. Абдулла Қадырий – өзбек халқыныӊ, М.Әўезов – қазақ халқыныӊ, Ш.Айтматов – қырғыз халқыныӊ маӊлайына Қуда несип еткен сондай жазыўшылар, бугинги кунде бул әдиўли исмлерсиз өзбек, қазақ ҳәм қырғыз халықларын көз алдымызға келтириў қыйын. Өзиниӊ узақ тарийхына ийе әййемги қарақалпақ халқыныӊ кеӊ маӊлайына таӊ жулдызындай жарасып турған жазыўшы Төлепберген Қайыпбергенов болады. “Дәстан”дағы ўақыялар қайсы дәўирлерде болып өткенине қарамастан, адамзат өмиринде ушырасатуғын қуўаныш ҳәм қайғылар, жоқары адамгершилик ҳәм пәклик, пидайылық ҳәм сатқынлық киби қәсийетлер миллет тәғдири менен тығыз байланыстырылған ҳалда баян етилгени ушын авторға рахмет айсақ арзыйды.
Абдулла Арипов (Өзбекстан Қахарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры):
“Қайыпбергеновтыӊ аты – ҳаўазасы ҳәм дөретпелери менен жақыннан таныс, бир саптағы қәлемкеш сыпатында мына пикирди кәмил исеним менен айта аламан: Төлепберген данышпан адам, сөйлескенде кеўилге уялайтугын әӊгимелерге де шебер, тереӊ ойшыл жазыўшы. Төлепберген Қайыпбергенов ХХ әсир әдебиятында туӊғыш рет путкил бир халықтыӊ аты болған “Қарақалпақ” сөзине қосыў арқалы “Дәстан” сөзин де улкен эпик дәрежеге алып шықты. Төлепберген Қайыпбергенов улыўма туркий әдебиятымызда оғада бай тийкарларға ийе еки улкен жанр “Дәстан” ҳәм “Нама”ны өзине тән тәризде жаӊалап, оларға екинши нәпес бағыш еткенлигин исеним менен айтыўым мумкин. Еӊ баслысы – әййемги Туркстан әдебиятында туӊғыш роман – эссе, ХХ әсир туркий халықлар әдебиятында болса, дәслепки нама 80-жыллардыӊ орталарында жаратылды ҳәм ол қарақалпақ халкы, сол арқалы путкил туркий халықлардыӊ үрп-әдети, қәдди-қәўмети, ишки сезимлери гөззал, руўхый дуньясы бай, данышпанлық пазыйлетлерин жәҳән көз алдында жилўаландырып турыпты».
Одил ЯКУБОВ (Өзбекстан халық жазыўшысы):
«Мен өмиримде көплеп тарийхый романлар оқығанман. Сол тарийхый шығармаларда шет елли келгинди басқыншылар ямаса жузеки ҳүкимдарлар душпан сыпатында суўретленеди. Ал сениӊ «Дәстан»ыӊда мен пүткиллей басқа жағдайларды көрдим. Бунда (Маман бийде, Айдрс бабада, Ерназар Алакөзде, басқаларды) басқа миллет, руў – аймақ ўәкиллерин душпан деп билмейди. Керисинше, душпанлар жаныӊда болып, олар сениӊ менен бир тилде сөйлейди, көбинесе сениӊ менен қоӊсы отаўда жасайды. Тилекке қарсы, бундай жағдайлар бәрше халықларға тән, буны тарийх ҳәм тастыйықлайды. Егер олар бири-бириниӊ тымсалында өзлерин, бир пикирлес тәғдирлеслерин көрип, ҳәрқайсысын тән алғанда, 19-әсирге бизге бир-бири менен мүттасыл жаўласып келген жигирмадан аслам туркий халықлар ханлықлары мийрас болып қалмас еди. Өз жеринде әзияныӊ кеӊ территориясында Россия, Қытай, Ҳиндистан, Иран менен биймәлел бой жарыстыратугын уллы бир мәмлекетке тийкар салган болар еди. Бул трилогия улкен шығарма болып, ол хақыйқый сөз шебериниӊ қолы гул уста тәрепинен өз халқын айрықша мехир-мухаббет пенен суйетугын жазыщшыныӊ журек көзи менен жаратылған. Сениӊ питкерген бул ислериӊ қарақалпақлар ушын ҳәм, бәрше туркий халықлар ушын ҳәм, шын мәнисинде, бийбаҳа «Дәстан» дөреткениӊ ушын рахмет!…»
Шыӊғыс Айтматов:
«Дәўиримиздиӊ Қахарман жазыўшысы»
атамасындағы еслеў кешесииниӊ жол жобасы
Қахарман жазыўшы Төлепберген Қайыпбергеновтыӊ усы жылы 92 жыллығы республикамызда кеӊ турде белгиленбекте. Әдебий мийрасларын бугинги жас әўладларға еле де толыгырақ таныстырып барыў мақсетинде «Дәўиримиздиӊ Қаҳарман жазыўшысы» атамасында еслеў кешеси шөлкемлестириўди усынамыз. Буныӊ ушын улкен таярлықлар көрилип, дағазалар бериледи. Кеше өтетуғын орын ылайық безеледи. Кешеге жазыўшы, шайырлар, журналистлер, жоқары оқыў орынларыныӊ филология факультети студентлери мирәт етилип, сөз шебери, уллы устаздыӊ өмир жолы ҳәм дөретпелери ҳаққында кеӊ турде айтып өтеди. Кеше қатнасыўшылары, студент жаслар тәрепинен жазыўшыныӊ дөретпелеринен узиндилер оқып, дөретпелериндеги қаҳарманлардан көринислер усынса болады.
«Жазыўшыныӊ дөретиўшилик дуньясы»
атамасында шөлкемлестирилетугын китап көргизбениӊ методикалық жол жобасы Қаракалпақ халқыныӊ уллы тулғасы қарақалпақ әдебияты тарийхында салмақлы из қалдырған жазыўшы Төлепберген Қайыпбергенов тущылғанына быйыл 92 – жыл толады. Бул сәнеге бағышлап, Мәлимлеме-китапхана мекемелеринде оныӊ жазыщшыныӊ дөретпелерине бағышлап, тийкарланып китап коргизбесин шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Бул көргизбениӊ бас темасын «Жазыўшыныӊ дөретиўшилик дуньясы» деп аталады. Китап көргизбени китап окыўшыларға аӊсат, тусиникли болыщы ушын көргизбени еки бөлимнен ибарат етиўди мақул көрдик.
1-бөлим: «Қаракалпақ прозасыныӊ кәруанбасысы» деп атап, бул бөлимге жазыўшымыз Төлепберген Қайыпбергеновтыӊ өзиниӊ дөретпелери қойылады.
2-бөлимде: «Жазыўшы ҳаққында сөз» делинип, бул бөлимге оныӊ дөретпелери ҳаққында жазылған шайыр – жазыўшылардыӊ пикирлери, журналистлердиӊ газета-журналларда жәрияланған очерклери ҳәм мақалалары орын алады ҳәм әдебиятлардыӊ усыныў дизими қойылады.
Пайдаланған әдебиятлар:
Таярлаған: Ж.Кадырбаева
2020 - 2026© Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы