Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2019-жыл 7-июньдағы «Өзбекстан Республикасы халқына мәлимлеме-китапхана хызметин көрсетиўди буннан былай жетилистириў ҳаққында»ғы ПҚ-4354-санлы қарары менен тастыйықланған «2019-2024-жылларда Өзбекстан Республикасында мәлимлеме-китапхана тараўын раўажландырыў бойынша ис-илажлар дәстүри»ндеги 2-қосымшасы 6-бабыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде,2021-жыл 17-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайы имаратында «Мәлимлеме-китапхана орайыныӊ еӊ жақсы кәнийгеси» таӊлаўыныӊ биринши басқышы болып өтти.
Таңлаўға, Әлишер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы илимий-методика хызмети бас қәнигеси А. Қиличбаев, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А. Бекмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар Аўқамы әдебий мәсләҳәтшиси, фольклорист Әмирхан Сейдин Ел Сүйер улы, Өзбекстан Республикасы Инновацион раўажланыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жетекши қәнигеси А. Нурумбетов ҳәм Бердақ атындагы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәлимлеме-ресурс орайы директоры Н. Шаригатовалар төрешилик етти.

Усы, таӊлаўға Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайыныӊ, абонемент ҳәм пайдаланыўшыларға хызмет көрсетиў хызметиниӊ қәнийгеси Д.Халбаева да қатнасып, ол биринши басқыш шәртлери «Мәлимлеме-китапхана орайы фондлары ҳәм олардыӊ раўажланыўы», «Мәлимлеме-китапхана орайыныӊ социаллық бағдары», «Китап оқыўды раўажландырыўдыӊ интерфаол түрлери» бойынша жойбарлары менен қатнасып, 1-басқыш, Қарақалпақстан Республикасы бойынша биринши орынды ийелеўге мияссар болды.

2020 - 2026© Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы