
Қағаз майдан, қәлем жорға,
Сүр жорғаны қолым мениң,
Ел қызығар сулыў жырға,
Сайра-сайра тилим мениң.
Дизил сөзлерим жулдыздай,
Жылтылдап турған қундыздай.
Сөз саллансын сулыў қыздай,
Сүйсин шадлы елим мениң.
Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларынан баслап елимизде дөретиўши инсанларға айрықша итибар қаратылып, халқымыздың руўхый дүньясын, мәденияты менен мәнаўиятын байытыў жолындағы ийгиликли ислер ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып келинбекте. Бул әзелден халқымызға тән болған әдебиятқа, мәдениятқа, көркем-өнерге, дөретиўшиликке деген айрықша меҳир ҳәм итибардың көриниси саналады.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 3-август күни елимиздиң дөретиўши зыялылары ўәкиллери менен ушырасыўында шығып сөйлеп былай деди.— Әдебият пенен көркем-өнерге, мәдениятқа итибар – бул бәринен бурын,халқымызға итибар, келешегимизге итибар, уллы шайырымыз Шолпанныңайтқанындай, әдебият, мәденият жасаса, миллеттиң жасаў мүмкинлигин умытыўға бизиң ҳасла ҳақымыз жоқ. Руўхый турмысымызды буннан былай да раўажландырыў мақсетинде соңғы ўақытта бир қанша әҳмийетли ҳүжжетлер,соның ишинде китапқумарлық мәдениятын арттырыў, мәденият ҳәм көркем-өнер саласын жетилистириў, аймақларда уллы көркем-өнер ғайраткерлериниң аты менен аталатуғын дөретиўшилик мектеплер менен орайлар шөлкемлестириў ҳаққындағы қарарлар ҳәм бийликлер де қабыл етилди – деп атап өтти Президентимиз. Және де ол өз сөзинде Ташкент қаласында «Жазыўшылар қыябаны» қурылып атырғанлығы, ол жерде әдебиятымыздың ири ўәкиллерине бағышлап естелик комплекслериниң орнатылып атырғанлығы, сондай-ақ, басқа да бир қатар қалаларымызда белгили жазыўшы — шайырларымызға естелик орнатылып атырғанлығы ҳаққында айтып өтти. Мине солардың бири бизиң Нөкис қаласында бүгинги күнде талантлы жаслар билим алып атырған Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсупов атындағы мектеп-интернаты болып табылады. Елимизде әдебиятқа, мәдениятқа деген мине усындай итибардың нәтийжесинде халқымыздың, әсиресе бүгинги жас әўладларымыздың әдебиятқа деген ықласы артып бармақта.
Халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда әдебияттың, мәденияттың орны гиреўли екен, демек биз өзлериниң өлмес әжайып дөретпелери менен халқымызға танылған жазыўшы-шайырларымыздың, дөретиўши инсанлардың өмири ҳәм дөретиўшилигин өсип киятырған жас әўладларға еле де тереңирек таныстырып барыўымыз дәркар.
Мине усындай өзине тән дөретиўшилик таланты арқалы поэзия ықласбентлериниң жүрегинен орын алған қарақалпақ халқының сүйикли шайыры Тилеўберген Жумамуратов XX әсир қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкили, ири тулғасы болып табылады. Қарақалпақ әдебиятында шайырлар көп, Әжинияз, Бердақ, Өтеш, Омар, Аннақул, Қулмурат, Аяпберген Мусаев, Аббаз Дабылов, Садық Нурымбетов ҳәм тағы да көп санлы көркем сөз дөретиўшилери. Олардың ҳәр бири өзиниң дөретиўшилик жолы, шайырлық таланты, поэтикалық стили, әжайып дөретпелери менен бир-биринен ажыралып турады. Ал, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Тилеўберген Жумамуратовтың айрықша поэтикалық талантқа ийе екенлигин өз заманласлары да тән алған. Өзбекстан халық шайырлары Миртемир,Ғафур Ғулам, Қазақстан халық жазыўшысы С.Муханов ҳ.т.б. Тилеўберген Жумамуратовтың поэзиясын жоқары баҳалаған. Қарақалпақтың белгили шайыры Садық Нурымбетов:
«Қәдирлеген қәлем жанын,
Ишкен сөздиң зәм-зәм палын,
Шеберликтиң сәранжамын,
Уққан шайыр Тилеўберген» — деген қосық қатарлары менен шайырдың поэтикалық шеберлигин баҳалайды. Шайырдың поэтикалық шеберлиги ҳаққында илимпазлар И.Сағитов, Қ.Мақсетов, К.Мәмбетов, Ә Пахратдинов, М.К.Нурмухамедов ҳ.т.б. өзлериниң пикирлерин билдирген. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов Тилеўберген Жумамуратовтың шеберлигин баҳалап, оны үлкен шайыр деп көрсеткен. Оның балалығынан төкпелетип бирден шығарған қосықлары да уйқас ҳәм терең мазмунға, көркемлик бояўларға ийе. Жаслығынан шайырлық айтысында жеңилмеслиги менен даңқ таратқан, бәрше шығармаларын, поэзиялық романын да яддан айтып, ҳасыл дөретпелери менен мәнәўиятымызды байытқан шайыр.
Әдебий жөнелисте өз алдына бир дәўирди жүзеге келтирип, шайырлық мектебин жаратқан Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, «Халықлар дослығы», «Ҳүрмет белгиси» орденлерине миясар болған, драматург, дилмаш, публицист, тарийх, әдебият, тил, көркем-өнер билимданы Тилеўберген Жумамуратовтың жулдыздай дизилген гәўҳар сөзлери, философиялық даналығы ҳәр дәўирде де кеўиллерди толқытып жасай берери сөзсиз. Шайырдың бизге қалдырып кеткен усындай әдебий мийрасларын бүгинги жас әўладларға еле де толығырақ таныстырып барыў мақсетинде биз Тилеўберген Жумамуратовтың биобиблиографиясын жазып отырмыз. Бул қолланба шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине қызығыўшы бәрше пайдаланыўшыларға усынылады.
Тилеўберген Жумамуратовтың өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Тилеўберген Жумамуратов 1915 жылы 27-декабрьде Мойнақ районының Ақдәрья аўылында туўылған. 1937 жылы муғаллимлер таярлайтуғын бир жыллық курсты питкерип, өзиниң аўылында муғаллим болып ислейди. 1942-1945 жыллары Мойнақ районлық газетасында редакторлық лаўазымында, 1945-1949 жыллары районлық партия комитетинде ислейди. 1948 жылы Ташкент мәмлекетлик университетин сырттан оқып питкереди. 1951-1952 жыллары «Қарақалпақстан», 1952-1958 жыллары радиокомитетте, 1958-1961 жыллары «Әмиўдәрья» журналында бөлим баслығы болып иследи. Бир қанша жыллар, яғный 1961-1962 жыллары «Қарақалпақстан» баспасында, 1963-1981 жыллары Жазыўшылар аўқамында иследи. 1957 жылдан баслап Жазыўшылар аўқамының ағзасы болды. Тилеўберген Жумамуратов бала ўақтынан баслап халық аўызеки дөретиўшилиги менен жақыннан таныс болған, көп ғана халық ертеклерин, қосықларын, әпсана, аңызларды ықласы менен үйренген. Фольклорға болған бул қызығыўшылығы оның әдебий талантын оятады. Ол қарақалпақ әдебияты тарийхындағы көркем әдебияттың барлық жанрларында қәлем тербеткен ҳақыйқый сөз шебери болды. Оның көп ғана лирикалық, әсиресе сатиралық дөретпелери, очерклери ҳәм гүрриңлери, поэмалары, дәстан ҳәм пьесалары көпшиликке мәлим.
Тилеўберген Жумамуратовтың шығармалары өзбек, қазақ, рус тиллерине аўдарылды. Тилеўберген Жумамуратов түркий тиллес халықлардың әдебияты ўәкиллериниң дөретиўшилиги менен де жақыннан таныс болған. Ол өзи ески араб, парсы тиллерин жақсы билген. Усыған байланыслы ол Омар Ҳаййямның рубайыларын парсы тилинен қарақалпақ тилине аўдарған. Сондай-ақ Ә.Наўайы, Ғ.Тоқай, М.Жәлил А.С.Пушкин ҳәм тағы да басқа да шайырлардың дөретпелеринен аўдармалар ислеген.Тилеўберген Жумамуратовтың дәслепки қосықлары 30-жыллардың екинши ярымында районлық, республикалық газеталарда жәрияланды. Т.Жумамуратовтың биринши қосығы 1937 жылы жарыққа шықты. Шайырдың «Жүрек муҳаббаты» (1956), «Дослық» (1959), «Мениң заманласларым», (1963), «Толқында» (1970), «Караматлы тулға» (1975) топламлары, «Таңламалы шығармалары» (1967) шығармалар жыйнағының 2 томлығы 1978-1980 жыллары, «Түрли өткеллер» топламы 1983-жылы баспадан шықты. Шайырдың «Мәкарья сулыў» поэмасы рус, өзбек тиллерине аўдарылған. Т. Жумамуратовтың «Қызлар ҳәзили» комедиясы (1976) ҳәм «Тикленген туў» драмасы Қарақалпақ мәмлекетлик театр сахнасында қойылып келди. Шайыр «Толқында» топламы ушын 1972 жылы Қарақалпақстанның Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығын алыўға миясар болды. Шайырдың «Макарья сулыў» поэмасын көпшилик қосық қатарлары менен жазылған роман деп есаплайды, шайырдың өзи бул шығарманы дәстан деп көрсетеди. Рус шайыры А.С.Пушкинниң «Евгений Онегин» шығармасын сыншылар қосық пенен жазылған роман деп баҳалағаны мәлим. Себеби, бул шығармада Россия мәмлекетиниң XVII әсирдеги барлық социаллық қатламларының турмысы сәўлеленген.
Тилеўберген Жумамуратовтың «Мәкарья сулыў» шығармасы ҳақыйқатында да қарақалпақ фольклорындағы дәстан дөретиўшилик дәстүринде жазылған. Бул шығарма көбирек социал-турмыс мәселелери сөз етилген қарақалпақ дәстанларына жақын келеди. Өз ўақтында бул дәстанлық дөретпеси жәмийетшилик тәрепинен жүдә жыллы күтип алынды. Илимпаз әдебиятшылар жақсы баҳалады. «Макарья сулыў» дәстаны қарақалпақ халқына тән миллий өзгешелиги менен айрықшаланады. Бул дәстанда шайыр миллий мәдениятымызы, миллий дәстүрлеримизди тилге тийек етеди. Өйткени, ҳәр қандай халықтың тек өз мәденияты ғана, тек өз үрп-әдетлери ғана басқа халықларға өзгеше тәсир қалдыратуғынын шайыр шын кеўилден түсинеди ҳәм оны өзиниң дөретпесинде поэтикалық шеберлик пенен бериўге ҳәрекет етеди:
Сыңғырласқан тилла ҳәйкел, өңир моншақ,
Жылтыршытақ, алтын шашбаў, зер шашақ.
Халқа сырға, әребекли қызлар жүр,
Көк саўырлы жез өкшелер жер қашап.
Булттай дөнип арқасында бурымы,
Теңге шашпақ жеңгелердиң ырымы,
Секирип жүр желкилдесип айдарлар,
Өспиримлер жаўдырасқан тулымы.
Шайыр дәстанда халықтың турмысын, халық дәстүрлериниң үлгили тәреплерин халықлар дослығы менен безей отырып қарақалпақ қызының жоқары мәдениятлылығын тәрийплейди.
Бирине бири көринди ысық,
Алысты әлип қолларын қысып.
Отырды бираз булгарша сөйлеп,
Саўғаға берди шатыраш көйлек.
Фольклорлық әҳмийеттеги мағлыўматларға қарағанда шатыраш көйлек қарақалпақ қыз-келиншеклериниң ең бас көйлеги болған. Буннан басқа да шайырдың «Ағайинли еки батыр», «Суўға кеткен адам», «Жалынлы күнлерде», «Океан артында» усаған бир қанша поэмалары бар. Елиўинши жыллары Тилеўберген Жумамуратов бир қатар очерк ҳәм гүрриңлер жазды. Олардан бизге «Муҳаббат сыры», «Милиционер жигит» ҳәм басқа да гүрриңлери белгили. Тилеўберген Жумамуратов өзиниң балаларға арналған поэмалары, қосықлары, тымсаллары арқалы балалар әдебиятында да белгили орынды ийелейди. Оның «Падашы ғарры, ақыллы бала ҳәм қәсийетли гәўҳар туўралы ертек»-(Қәсийетли гәўҳар ҳаққында ертек), «Кийиктиң еки ылағы» яғный (Кийиктиң қос қуралайы) поэмалары балалар әдебиятындағы үлкен табысларынан есапланады. Және де оның «Ананың кеўили балада», «Бала туўралы сөз», «Тырна менен жылан» қосықлары ҳәмде «Балықшының баласы», «Сырғанақшы бала» гүрриңлери балалар әдебиятында белгили орынға ийе. Оның поэмалары, қосықлары балаларды елди, халықты сүйиўге, дослыққа тәрбиялайды. Тилеўберген Жумамуратов 1957 жылы Қарақалпақстан халық шайыры, 1969 жылы «Өзбекстан халық шайыры» атақларын алыўға миясар болды. Қарақалпақ әдебияты тараўындағы мийнетлери ушын «Халықлар дослығы», «Ҳүрмет белгиси» орден ҳәм медаллардың ийеси болды, сондай ақ, ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Ол 1990 жылы 4-апрельде 75 жасында қайтыс болды. Лекин оның шығармалары кейинги әўладларға мийрас болып қалды.
Шайыр ҳаққында сөз.
Тилеўберген ағаға Аллаҳ Таала илҳәм берген.
Миртемир. Ташкент
Тилеўберген Жумамуратов – уллы шайыр.
Ғафур Ғулам. Ташкент.
Тилеўберген Жумамуратов — ләбинен от ескен шайыр
Шухрат. Ташкент.
Япырмай, Тилеўберген, бала, ағып турған дәрья ғой
С.Муханов. Алматы.
Жүзден жүйрик шайыр едиң сен сондай!
Көплер қосық жазады, ал, ол шайыр болды.
И.Юсупов.
Ҳақыйқый шайыр деп Тилеўбергенди айтыўға болады
А.Дабылов.
Тилеўберген өзиниң туўылып өскен жерлери–Арал теңизи жағаларында тап сол жерде туўылып, өмир сүрген устаз-шайыр бабалары Бердақ, Күнхожа, Әжинияз бенен Аяпбергенниң ҳасыл сөз маржанларын көкирегине тоқып, солардан шайырлық өнерин үйренди. Бул жағынан қарағанда Тилеўберген, сондай- ақ Аббаз аға менен Садық ағаларды, тап сол уллы классик шайырлардың творчествосын даўам еттириўши нызамлы мийрасхорлары деўге болады.
И. Сағыйтов.
Дөретиўшилигиниң характери жағынан Тилеўберген халық шайырлары болған Аяпберген шайыр, Аббаз шайыр, Садық шайырларға жүдә жақын турады. Шебер шайыр Тилеўберген Жумамуратовтың ҳәзирги заман халық шайырлары А.Муўса улы, Аббаз шайыр, Садық шайырларға қарағанда, әлбетте, оның творчествосында көп ғана өзгешеликлер бар, ҳәттеки поэтикалық техникалық жақтан олардан алда турады. Сонлықтан да, халық шайыры Аббаз шайыр бир сөзинде «ҳақыйқый шайыр деп Тилеўбергенди айтыўға болады» деген еди.
Ә.Пахратдинов
Тилден пайдаланыўды еле жақсы билмейтуғын көплеген жас авторларға мен халық тилиниң таптырмайтуғын шеберлери Қ.Айымбетовтан, Т.Жумамуратовтан, С.Нурымбетовтан дер едим.
М.Нурмухамедов.
Өзиниң барлық характери мене Тилеўберген Жумамуратовтың таланты сийрек ушырасатуғын талант. Ал, талант– халық ғәзийнеси.
С.Ахметов.
Шайыр музасы, шайыр жүреги «Дослық, дослық, дослық» деп соғады.
Қ. Мақсетов.
Бир илимпаз, бир тилши, әдебиятшы қарақалпақ тилин қанша дәрежеде терең билемен десе де, Т.Жумамуратовтай билиўи мүмкин емес. Буны айрықша белгилеп өтиў керек. Қ.Султанов.
Қосық болып атылғанда,
Албырады батырларда К.Рахманов.
Минберге шықсаңыз гүўлер шапалақ.
Көркем сөз тиреги өсер шақалап,
Жийендей сөзиңди елиң баҳалап,
Кимсең Тилеўберген болып турыпсаң. Т.Мәтмуратов.
Йошар Омар Ҳайям болып,
Сөз зергери Тилеўберген К.Мәмбетов.
«Макарья сулыў» қосық романында жарқын образлылық, афоризмлилик, асығыс диалоглар, юморға толы халық тили қарақалпақлар турмысын кең түрде анық, исенимли көрсетиўге мүмкиншилик берген. Анатолий Щербаков.
Ташкент, «Звезда Востока» журналынан.
Қарақалпақ шайырларының ағласы–Тилеўберген Жумамуратов
Азербайжан жазыўшылары.Қарақалпақтың ири шайыры. Сиз өз үлкеңизде қазақ әдебиятының да үгит-нәсиятлаўшысы болып табыласыз. Дийдарыңыз да, отлы қосықларыңыз да кең даламызға, кең пейилли халқымызға жүдә таныс қымбатлы! Қазақстан Жазыўшылар Аўқамы. Сиз өзиңиздиң шығармаларыңызда туўған халқыңыздың қаҳарманлық ислерин шебер жырлайсыз, сатираның оты менен талай-талай унамсыз қаҳарманларды өртейсиз. Өмириңиз узақ болғай! Украина Жазыўшылар Аўқамының президиумы.
Қарақалпақстанда шайыр Тилеўберген Жумамуратовтың қосықлары кеңнен таралған, оның өзи барлық жерде сүйиспеншилик пенен күтип алынады. Бул өз үлкесиниң, жерлеслериниң өмирин ҳәм қарақалпақ халқының тарийхын терең билетуғын жазыўшы. Оның поэзиясы туўылған топырақ, миллий фольклор менен тамырласып кеткен. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры атақларын алыў тегинликте болмайды.
Юрий Карасёв. Москва. «Огонёк» журналынан. Белгили халық шайыры, шайыр-философ, шайыр-азамат, шайыр-инсан,халықлар дослығының ҳәм туўысқанлығының әжайып жыршысы, тәбийғый таланты, ҳасыл дөретпелери Ўатанға хызмет етиўдиң жарқын үлгиси болған халқының атақлы перзенти, ақсақалларының бири, бизиң садық достымыз Тилеўберген аға Жумамуратовқа. Ең жақсы тилеклер ҳәм ҳүрмет пенен Челн жазыўшылары. Баянлаўдың жағымлылығы, динамикалылығына бола, «Макарья сулыў» көлемли шығарма болыўына қарамастан бир дем менен оқып шығылады.И. Михайлова. «Литературное обозрение» журналынан. Мениң алдымда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Тилеўберген Жумамуратовтың «Макарья сулыў» китабы. Автор бунда әдиллик ҳәм гуманизм идеяларын жырлаўшы «Қырқ қыз» киби әжайып қаҳарманлық дәстанды дөреткен халық дәстүрлерине садық қалған.
Джеймс Паттерсон–америкалы. «Московский литератор» газетасынан.
Ҳүжжетлерди ҳәм бай фольклорлық мийрасты изертлеў Т.Жумамуратовқа романда узақ дәўирдиң психологиялық айқын атмосферасын тиклеў имканиятын берген. Өткен әсирлердеги көркем сөз усталарына қуры еликлеў емес, ал, олардың көркем полотноларды дүзиўдеги көп санлы ҳәм қурамалы дәстүрлерин даўам етиў ҳәм раўажландырыў шайырдың «Макарья сулыў» шығармасын айрықшалап турыпты. Людмила Кислова. «Смена» журналынан.
Рәңбәрең дөретпелери менен бизиң мәмлекетимиздиң барлық халықларының эстетикалық ғәзийнесин байытыўға үлес қарақалпақ халқының дана ҳәм уллы перзенти, шығыстың сүйикли шайырларының бири, аса ҳүрметли ақсақал–Тилеўберген Жумамуратов.
Атахан Сейфуллаев. Душанбе.
Елим деп еңиренип терең ой тартқан,
Шалыс пикирлерден шетлеп бой тартқан,
Белли азаматтың көби Мойнақтан,
Солардың сағасы Тилеўберген аға.
Ынтығын қурытқан ғаррының, жастың,
Руўхый суўсыны тоқ пенен аштың,
Қосық дәрья болса суўлары тасқын,
Оның бир сағасы Тилеўберген аға.
(Муҳаммед Хошанның «Шайырлар ағасы» қосығынан)
Тилеўберген Жумамуратовтың өмири ҳәм дөретиўшилигиниң тийкарғы сәнелери
1915 жылы 27-декабрьде Мойнақ районында Ақдәрья аўылында туўылған.
1947 жылы бир жыллық оқытыўшылық курсында оқыған.
1948 жылы Ташкенттеги Орайлық Азия мәмлекетлик университетин оқып питкерген.
1942-1944 жыллары «Қызыл балықшы» газетасында редактор.
1944-1949 жыллары Мойнақ районы партия комитетинде үгит-нәсиятлаў бөлими баслығы.
1949-1951 жыллары Қарақалпақстан баспасөз басқармасы баслығының орынбасары.
1951-1959 жыллары Қарақалпақстан радиосының әдебий көркем еситтириўи баслығы.
1959-1963 жыллары «Совет Қарақалпақстаны» газетасының көркем әдебият бөлими баслығы.
1963-1983 жыллары Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамында мәсләҳәтши ўазыйпаларында ислеген.
Тилеўберген Жумамуратовтың алған атақлары ҳәм сыйлықлары
1957 жылы «Қарақалпақстан халық шайыры» атағын алыўға миясар болды.
1969 жылы «Өзбекстан халық шайыры» атағын алыўға миясар болды.
1972 жылы «Толқында» топламы ушын Қарақалпақстанның Бердақ
атындағы мәмлекетлик сыйлығын алыўға миясар болды.
Тилеўберген Жумамуратовтың айрықша шығармалары қарақалпақ тилинде
Таярлаған: Д.Утемуратова
2020 - 2026© Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы