«Жазыўшы, шайыр Алпысбай Султанов 75 жаста» библиографиялық қолланба
КИРИСИЎ
Әдебият сыншысы, жазыўшы, шайыр ҳәм драматург Алпысбай Султановтың (әдебий лақабы – Алп Султан). Алпысбай Султанов дәўир менен тең қәдем қойып жүрген жазыўшы. Ол дөреткен шығармалардың заманагөйлиги, көркемлиги, қахарман образының исенимли сүўретлениўинде, сюжетлердиң қайталанбаўында, тәнҳә автордың өз соқпағына ийе екенлигинде көринеди. Новелла жанрының жетик шебери болған жазыўшы өз шығармаларын көбинесе жаслар турмысынан алып жазады. Бул өмирдиң тәшўишлери көп, лекин адам бир-бирин қыймай жасайды. Шығармалардың көпшилигинде мине усындай пазыйлетлер ҳаққында сөз етиледи. Алпысбай Султановтың ой-пикирлери, көзқараслары өзгелердикине усамайтуғын, қайталанбас идеялары менен айрықша қунлы. Арал бойларында жаслайынан орыс мәдениятына араласып өскен Алпысбай Султановтың исми бизиң әдебиятымызға 70-жыллардың басында көрине баслады. Рус филологиясы бойынша қәниге, оның дөретиўшилик дүньяға қойған қәдемлери, салған соқпағы да өзинше, өзгелердикине ҳасла уқсамайтуғын еди. Жер жүзи әдебияты дүрданалары менен териңнен таныс, рус тили ҳәм рус жазыўшыларының шығармаларын жетик билетуғын оның дәслепки дөретпелерин оқыған оқыўшы жазыўшының Эмиль Золя, Ги де Мопассан, Проспер Мериме, Стефан Цвейг мийнетлеринен руўхый азық алғанлығын аңсат аңлай алатуғын еди. Алпысбай Султанов баспа сөзде ең дәслеп студентлик дәўиринде рус тилинде мақалалар жазыў менен қатнасты. Ол адамда журналистикадан көре әдебиятқа деген қуштарлық басым болған. Алп Султанның 2007-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан шыққан «Мухаббат муқамлары», 2008-жылы «Билим» баспасынан шыққан «Туўылған жер ырғақлары» атлы қосықларын оқып, олардың шынында да тек нама ушын дөрегенлигин түсинесең. Ол топламлардағы қосық қатарларынан шайырдың сөз маржанларына әжайып итибарын, қайтпайтуғын ықласын, нама ырғақларына деген муҳаббатын сезгендей боласаң. Қарақалпақ прозасында Шыңғыс Айтматовтың поэтикалық дастүрлери жазыўшы ҳәм әдебиятшы Алпысбай Султановтың мийнетинде қырғыз-қарақалпақ әдебий байланыслары, соның ишинде қарақалпақ прозасында Ш.Айтматовтың поэтикалық дәстүрлери жаңа көз қарасларда туңғыш мәртебе үйренилген. Ш.Айтматов шығармалары ҳәм қарақалпақ прозасының доретпелерине текстлик анализ жасалып, жазыўшылардың шеберлиги изертленген ҳәм кемшиликлери көрсетилген, қарақалпақ жазыўшыларының доретпелерине қырғыз жазыўшысының әдебий тәсир етиў дәрежеси анықланған. Шайырдың поэзиясындағы таң қаларлық айырмашылық соннан ибарат, оның дерлик ҳәмме қосықлары муҳаббатқа, Ўатанға, туўылған жерге, сүйген ярға деген ышқы сезимлер менен суўғарылғанлығы. Оның қайсы қосығын алмаңыз, олардың ҳәммесинде муҳаббат туйғысының отлы ҳәўири есип турады.
Ғәрезсизлик жылларында жазған «Новеллалар», «Өмир откеллери», «Әкем ҳаққында әңгимелер» топламлары менен «Билим» баспасында жарық көрген «Дөҳмет» кинороманы, Сапар Хожаниязов атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында сахналастырылған «Нахақтан төгилген қан» тарийхый драмасы журтшылыққа кеңнен таныс. «Қарақалпақфильм» киностудиясында ол 50ден аслам хүжжетли фильмдер доретти, жәҳән әдебияты дурданаларынан Дж.Лондон, С.Цвейг, Я.Кавкавата, Э.Хемингуэй, Л.Толстой, А.П.Чехов, М.Горький, В.М.Шукшин, Ш.Айтматовтың шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарды.
Алпысбай Султановтың өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар, журналистлер аўқамының, кино ғайраткерлери бирлеспесиниң ағзасы Қарақалпақстан жаслар аўқамы сыйлығының лауреаты Алпысбай Султанов 1947-жылы Мойнақ районында туўылды. Ол Қарақалпак мәмлекетлик педагогикалық институтын тамамлаған. Әдебиятымыз майданына таланттың келиўи-бул жаңалық, таң қаларлық қубылыс болып есапланады. Лекин талантлы шығарманың кунде туўыла бермейтуғыны сыяқлы таланттың өзи де дөретиўшилик дуньяға кунде келе бермейди. Арал бойларында жаслайынан рус мәдениятына араласып өскен Алпысбай Султановтың исми бизиң әдебиятымызда 70-жыллардың басында көрине баслады. Рус филологиясы бойынша қәнигеси оның дөретиўшилик дуньяға қойған қәдемлери, салған соқпағы да өзинше, өзгелердикине ҳасла уқсамайтуғын еди. Жер жузи әдебияты дурданалары менен тереңнен таныс, рус тили ҳәм рус жазыўшыларының шығармаларын жетик билетуғын оның дәслепки дөретпелерин оқыған оқыўшы жазыўшының Эмиль Золя, Ги де МоПассан, Проспер Мериме, Стефан Цвейг мийнетлеринен рухый азық алғанлығын аңсат аңлай алатуғын еди. Алпыспай Султанов баспа сөзде ең дәслеп студентлик дәўиринде рус тилинде макалалар жазыў менен қатнасты. Бирақ бәрибир онда журналистикадан көре әдебиятқа деген қуштарлық басым болған.
Сол 1969-жылдан баслап ол 1976-жылға шекем ҳәр бир мақаласы гурриң киби суўретленип, машақат пенен жазылатуғын «Жеткиншек»те ҳәр қыйлы лаўазымларда жумыс ислеп, дөретиўшилик мийнет етти. Ол бизиң әдебиятымызға биринши болып новелла жанрын алып келди. Оның дәслепки шығармалары «Жас Ленинши», «Жеткиншек» газеталарында жәрияланған «Жаўыннан соң» атлы новелласы Алпысбай Султановты жазыўшы сыпатында кең жәмийетшиликке танытты. Алпысбай Султанов 70-жыллардың басында-ақ жәмийетшилликке новеллист-жазыўшы болып танылған менен ол өзиниң дәслепки китапларын балаларға арнап жазды. Буған оның балалар газетасында ислеп, жас өспиримлер турмысы менен кунделикли таныс болып жургенлиги тәсир етти, әлбетте.
«Жеткиншек» газетасында ислеген жети жылға шамалас дәўир Алпысбай Султановты балалар жазыўшысы сыпатында көпшиликке танытып улгерди. Ол балалар газетасында бир нешше қызықлы гурриңлер дуркимин дөретти. 1975-жылы «Болар бала бес жасынан»деген ат пенен баспадан шығарды. Оның бул туңғыш мийнетине бахытлы балалық, бахтияр өмир, туўылған жердиң гөззал тәбиятын сөз ететуғын гурриңлер кирди.
1976-1977 жылларда Алпысбай Султанов Өзбекстан илмий-көпшилик ҳәм ҳужжетли фильмлер студиясының Қарақалпақстан филиалында жумыс иследи. Ол рус тили бойынша қәниге сыпатында редактор-дилмаш хызметинде жумысқа тартылды. Сол жылдан баслап бурын 8 фильмди қарақалпақ тилине аўдаратуғын студия жәмәәти енди жылына 12 фильмди қарақалпақшалайтуғын болды. Қарақалпақстанның белгили ул-қызларының мийнеттеги табыслары хаққында ҳужжетли фильмлер және кино-журналлар тусирилип, республика кинотеатрларының экранларына шықты. 1976-жылы «Әмиўдарья» журналында шыққан «Аўыл жолы» кино-новелласы автордың бул мақсет жолындағы табысларының жемиси еди. Келеси жылы А.Султанов балаларға арнап «Бесинши аўыл» атлы кино қыссасын жазып питкерди.
А.Султанов 1977-жылы февраль айынан Қарақалпақстан телевидениесине редактор болып жумысқа өтеди. Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесинде (1978-1983), қайтадан телевидение ҳәм радиоеситтириў комитетинде бас редактор болып хызмет атқарды, кейин «Қарақалпақфильм» студиясында (1983-1990) иследи. Алпысбай Султанов 10 топлам, 1 тарийхый драма, 50ден аслам хүжжетли фильмлер, 60тан артық нама қосықларының авторы. Новелла жанрының жетик шебери болған жазыўшы өз шығармаларын көбинесе жаслар турмысынан алып жазады. Алпысбай Султанов 1982 жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы. 1978-жылы «Аквариум» атлы сатиралық гурриңи басылып шықты. 1979-жылы «Назбайгул», 1981-жылы «Мәрмәр тастағы жазыў», 1990-жылы «Лунная ночь», 1995-жылы «Бесинши аўыл балалары» шығармалары басылып шықты.
А.Султановтың көплеген шығармалары «Теңиз туўлайды», «Урланған бахыт», «Ҳаял муҳаббаты», «Кеўил қартаймайды», «Шобытшының қызы», «Толғақ», «Ашық қалған кунделик» бул темалар талғампаз оқыўшыны өзине тартып турады.
Ол соңғы жыллары кунделикли баспа сөз бетлеринде «Инсан бахты», «Өмир өткеллери», «Некесиз мухаббат» повестьлери менен биргеликте 20дан аслам фильмниң сценарийин жазды, 50 ге жақын көркем фильмлерди қарақалпақ тилине аўдарды, «Бухаралы қарақалпақлар», «Бабамыз Яссаўийди еслеп», «Ферғаналы қарақалпақлар» атлы проблемалық публицистикалық мақалалар дөретти. Алпысбай Султанов әдебияттың дерлик барлық жанрларында қәлем тербеткен жазыўшы, ол өзин әлпайымлылыққа салып шайырман деп есапламаса да, атақлы қосықшыларымыз, композиторларымыз тәрепинен жазылған оның 60 дан аслам қосығын намаға салып айтып жур. Оның қосықлары адамның өткен өмирин, инсанның наўқыран жаслық шағын еске түсиреди ҳәм инсанды өзиниң күнделикли тиришилик жағдайын терең ойлаўға ийтермелейди. Оларды тыңлай отырып, тиршиликтиң өмир баҳый гөззаллығын, жаслық өтип баратырса да, келешектиң жарқынлығын, инсаный қасийетлердиң мәңгилигин сезип қанаатланасаң ҳәм наманы жан-тәниң менен тыңлап, тәбият бизиң әлпешлеген анамыз болса, онда поэзия ҳәм музыка биздеги тербеткен бесигимиз. Ол әсирден әсирге өтип журекке зерде салып, ой ҳәм сезимди ийелеп, инсанға идея берип тиршиликтиң түпки арқаўы ретинде адамлар менен мәңги өмир сүреди. Алпысбай Султановтың да ҳәр бир жазған қосықлары жүректен орын алады. Әсиресе оның Аллаяр Досназаровтың өмири ҳәм мәмлекетлик хызметин изертлеў бойынша ислеген жумыслары айрықша дыққатқа ылайық. Алпысбай Султанов қарақалпақ халқына айтысып журип автономия әперген бабамыз Аллаяр Досназаров туўралы «Елим деген ер еди» атлы ҳужжетли фильмниң авторы болды, ол басқарған киноға тусириўши топар Ташкент, Алма-Ата, Уфа, Москва, Санк-Петербург қалаларын аралап, бабамыз өз қоллары менен қазған Беломор-Балтик каналы, Карелияда болды. Ол кейинги жыллары Әжинияз атындағы Нөкис педагогикалық институты «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедрасының үлкен оқытыўшысы болып иследи. Алпысбай Султанов Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы проза кеңесиниң баслығы болыўы менен бирге «Сәният» көркем өнер журналының бас редакторы лаўазымын биргеликте алып барды. Әдебият, көркем сөз өнери әзелден халық қалбиниң көриниси, ҳақыйқат ҳәм әдиллик жыршысы болып келген. Халқымыз арасынан мине усы машаққатлы тараўға пүткил өмири ҳәм теңсиз талантын бағышлаған, инсанлардың шығармаларын жас әўладқа жеткерип үгит-нәсиятлаў биз китапханашылардың ўазыйпасы.
Библиографик дизим:
хызмети дәўириндеги тийкарғы сәнелер
Алпысбай Султановтың өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети
дәўириндеги тийкарғы сәнелер
1947ж. – Мойнақ районында туўылған
1969ж. – Қарақалпақ Мәмлекетлик педагогикалық институтын тамамлаған
1969-1970жж. – Мойнақ районында «Жеткиншек» газетасы редакторы
1976-1977жж.-Өзбекстан илмий-көпшилик ҳәм ҳүжжетли фильмлер
студиясының Қарақалпақстан филиалында жумыс иследи
1977-1978жж.– Қарақалпақстан телевидениеси ҳәм радиоеситтириў
комитетинде
1978-1983ж. – Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесинде
1983-1990жж. – Қарақалпақ фильм студиясында
1990 ж.- Сәният журналының бас редакторы
1991-2018жж.-Әжинияз атындағы Нөкис педагогикалық институтының
«Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм хуқық тәлими» кафедрасының үлкен оқытыўшысы ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының проза кеңесиниң баслығы.
Алпысбай Султановтың алған атақ ҳәм сыйлықлары
1981ж. – Өзбекстан жазыўшылар, журналистлер аўқамының, кино
ғайраткерлери бирлеспесиниң ағзасы.
1982ж. – Қарақалпақстан жаслар аўқамы сыйлығының лауреаты
1982ж. – Қарақалпақстан Жоқары Кеңесиниң ҳүрмет жарлығы.
2015ж. – Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан ағла муғаллими
Алпысбай Султановтың қосықларына жазылған намалары
Алпысбай Султановтың хүжжетли фильмлери
1.1970 ж.- Халық артисти Айымхан Шамуратова .
2.1970 ж.- Шымбайлы белгили пахтакеш Амангул Сапарова.
3.1970 ж.- Өзбекстанға мийнети сиңген көркем -өнер ғайраткери, шебер қыл қәлем ийеси, Қыдырбай Сайпов «Әмиў бойының салыкешлери» ҳаққында сюжетлер.
Алпысбай Султановтың шығармалары қарақалпақ тилинде
1972
1975
1976
1977
1978
1979
1981
1985
1991
1992
бағышланған фильм ] // Еркин Қарақалпақстан. – 1992. – 14 июль.
фильм түсирилип атыр ] // Еркин Қарақалпақстан. – 1992. – 17 нояб.
// Еркин Қарақалпақстан. – 1992. – 11 июнь .
// Еркин Қарақалпақстан. – 1992. – 4 март .
// Еркин Қарақалпақстан. – 1992. – 21 май.
1995
1996
1997
Кел мениң ярым: [нама қосықлар дүркини] // Қарақалпақстан жаслары.-1997.-2 окт.
1998
1999
2000
// Қарақалпақстан жаслары. – 2000. – 30 март.
2001
Қарақалпақстан. – 2001. – 23 янв.
2002
2003
2005
Еркин Қарақалпақстан. – 2005. – 1 нояб.
//Қарақалпақстан жаслары.- 2006.-16 нояб.
2007
// Устаз жолы. – 2007. – 30 июнь.
жапырақлар») [ қосықлар] // Мәденият ҳәм спорт.-2007.-17 нояб.
2008
ҳаққында ойлар» топламы ҳаққында] // Еркин Қарақалпақстан. – 2008. – 3 май.
// Қарақалпақстан жаслары. – 2008. – 31 июль.
ҳаққында] // Қарақалпақстан жаслары. – 2008. – 30 окт.
2009
2010
2013
2014
қалған жүзик: [новеллалар] // Әмиўдәрья. – 2014. – № 5. – Б. 6 – 24.
2015
//Қарақалпақ әдебияты.-2015.- май.
2016
Алпысбай Султановтың шығармалары өзбек тилинде
Алпысбай Султановтың шығармалары рус тилинде
Алпысбай Султанов ҳәм шығармалары ҳаққында
1997
[А. Султановтың «Дөҳмет» атлы романы ҳаққында] // Қарақалпақстан
жаслары. – 1997.- 6 фев.
ҳаққында] // Әмиўдәрья. – 1997.- № 3 – 4. –Б .74 – 76.
Султонов ҳақида] // Аму тонги.- 1997.-11 апр.
2007
дөретиўшилигинде Досназаров темасы: // Устаз жолы. – 2007. – 7 июль.
2009
[А. Султанов ҳаққында] // Қарақалпақстан жаслары. – 2009.- 4 июнь.
Султанов ҳаққында] // Қарақалпақстан жаслары. – 2009.- 22 янв.
назар ] // Аму тонги.- 2009. – 9 апр.
2015
ҳаққында] // Устаз жолы.-2015.- 1 окт.
Таярлаған: Ж.Кадирбаева
2020 - 2026© Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы