Тақыятас районы
Мәлимлеме-китапхана орайы

«Жазыўшы, шайыр Алпысбай Султанов 75 жаста» библиографиялық қолланба

«Жазыўшы, шайыр Алпысбай Султанов 75 жаста» библиографиялық қолланба

 

КИРИСИЎ

Әдебият сыншысы, жазыўшы, шайыр ҳәм драматург Алпысбай Султановтың (әдебий лақабы – Алп Султан). Алпысбай Султанов дәўир менен тең қәдем қойып жүрген жазыўшы. Ол дөреткен шығармалардың заманагөйлиги, көркемлиги, қахарман образының исенимли сүўретлениўинде, сюжетлердиң қайталанбаўында, тәнҳә автордың өз соқпағына ийе екенлигинде көринеди. Новелла жанрының жетик шебери болған жазыўшы өз шығармаларын көбинесе жаслар турмысынан алып жазады. Бул өмирдиң тәшўишлери көп, лекин адам бир-бирин қыймай жасайды. Шығармалардың көпшилигинде мине усындай пазыйлетлер ҳаққында сөз етиледи. Алпысбай Султановтың ой-пикирлери, көзқараслары өзгелердикине усамайтуғын, қайталанбас идеялары менен айрықша қунлы. Арал бойларында жаслайынан орыс мәдениятына араласып өскен Алпысбай Султановтың исми бизиң әдебиятымызға 70-жыллардың басында көрине баслады. Рус филологиясы бойынша қәниге, оның дөретиўшилик дүньяға қойған қәдемлери, салған соқпағы да өзинше, өзгелердикине ҳасла уқсамайтуғын еди. Жер жүзи әдебияты дүрданалары менен териңнен таныс, рус тили ҳәм рус жазыўшыларының шығармаларын жетик билетуғын оның дәслепки дөретпелерин оқыған оқыўшы жазыўшының Эмиль Золя, Ги де Мопассан, Проспер Мериме, Стефан Цвейг мийнетлеринен руўхый азық алғанлығын аңсат аңлай алатуғын еди. Алпысбай Султанов баспа сөзде ең дәслеп студентлик дәўиринде рус тилинде мақалалар жазыў менен қатнасты. Ол адамда журналистикадан көре әдебиятқа деген қуштарлық басым болған. Алп Султанның 2007-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан шыққан «Мухаббат муқамлары», 2008-жылы «Билим» баспасынан шыққан «Туўылған жер ырғақлары» атлы қосықларын оқып, олардың шынында да тек нама ушын дөрегенлигин түсинесең. Ол топламлардағы қосық қатарларынан шайырдың сөз маржанларына әжайып итибарын, қайтпайтуғын ықласын, нама ырғақларына деген муҳаббатын сезгендей боласаң. Қарақалпақ прозасында Шыңғыс Айтматовтың поэтикалық дастүрлери жазыўшы ҳәм әдебиятшы Алпысбай Султановтың мийнетинде қырғыз-қарақалпақ әдебий байланыслары, соның ишинде қарақалпақ прозасында Ш.Айтматовтың поэтикалық дәстүрлери жаңа көз қарасларда туңғыш мәртебе үйренилген. Ш.Айтматов шығармалары ҳәм қарақалпақ прозасының доретпелерине текстлик анализ жасалып, жазыўшылардың шеберлиги изертленген ҳәм кемшиликлери көрсетилген, қарақалпақ жазыўшыларының доретпелерине қырғыз жазыўшысының әдебий тәсир етиў дәрежеси анықланған. Шайырдың поэзиясындағы таң қаларлық айырмашылық соннан ибарат, оның дерлик ҳәмме қосықлары муҳаббатқа, Ўатанға, туўылған жерге, сүйген ярға деген ышқы сезимлер менен суўғарылғанлығы. Оның қайсы қосығын алмаңыз, олардың ҳәммесинде муҳаббат туйғысының отлы ҳәўири есип турады.
Ғәрезсизлик жылларында жазған «Новеллалар», «Өмир откеллери», «Әкем ҳаққында әңгимелер» топламлары менен «Билим» баспасында жарық көрген «Дөҳмет» кинороманы, Сапар Хожаниязов атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында сахналастырылған «Нахақтан төгилген қан» тарийхый драмасы журтшылыққа кеңнен таныс. «Қарақалпақфильм» киностудиясында ол 50ден аслам хүжжетли фильмдер доретти, жәҳән әдебияты дурданаларынан Дж.Лондон, С.Цвейг, Я.Кавкавата, Э.Хемингуэй, Л.Толстой, А.П.Чехов, М.Горький, В.М.Шукшин, Ш.Айтматовтың шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарды.

          Алпысбай Султановтың өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар, журналистлер аўқамының, кино ғайраткерлери бирлеспесиниң ағзасы Қарақалпақстан жаслар аўқамы сыйлығының лауреаты Алпысбай Султанов 1947-жылы Мойнақ районында туўылды. Ол Қарақалпак мәмлекетлик педагогикалық институтын тамамлаған. Әдебиятымыз майданына таланттың келиўи-бул жаңалық, таң қаларлық қубылыс болып есапланады. Лекин талантлы шығарманың кунде туўыла бермейтуғыны сыяқлы таланттың өзи де дөретиўшилик дуньяға кунде келе бермейди. Арал бойларында жаслайынан рус мәдениятына араласып өскен Алпысбай Султановтың исми бизиң әдебиятымызда 70-жыллардың басында көрине баслады. Рус филологиясы  бойынша қәнигеси оның дөретиўшилик дуньяға қойған қәдемлери, салған соқпағы да өзинше, өзгелердикине  ҳасла уқсамайтуғын еди. Жер жузи әдебияты дурданалары менен тереңнен таныс, рус тили  ҳәм рус жазыўшыларының шығармаларын жетик билетуғын оның дәслепки дөретпелерин оқыған оқыўшы жазыўшының Эмиль Золя, Ги де МоПассан, Проспер Мериме, Стефан Цвейг мийнетлеринен рухый азық алғанлығын аңсат аңлай алатуғын еди. Алпыспай Султанов баспа сөзде ең дәслеп студентлик дәўиринде рус тилинде макалалар жазыў менен қатнасты. Бирақ бәрибир онда журналистикадан көре әдебиятқа деген қуштарлық басым болған.

Сол 1969-жылдан баслап ол 1976-жылға шекем ҳәр бир мақаласы гурриң киби суўретленип, машақат пенен жазылатуғын «Жеткиншек»те ҳәр қыйлы лаўазымларда жумыс ислеп, дөретиўшилик мийнет етти. Ол бизиң әдебиятымызға биринши болып новелла жанрын алып келди. Оның дәслепки шығармалары «Жас Ленинши», «Жеткиншек» газеталарында жәрияланған «Жаўыннан соң» атлы новелласы Алпысбай Султановты жазыўшы сыпатында кең жәмийетшиликке танытты. Алпысбай Султанов 70-жыллардың басында-ақ жәмийетшилликке новеллист-жазыўшы болып танылған менен ол өзиниң дәслепки китапларын балаларға арнап жазды. Буған оның балалар газетасында ислеп, жас өспиримлер турмысы менен кунделикли таныс болып жургенлиги тәсир етти, әлбетте.

«Жеткиншек» газетасында ислеген жети жылға шамалас дәўир Алпысбай  Султановты балалар жазыўшысы сыпатында көпшиликке танытып улгерди. Ол балалар газетасында бир нешше қызықлы гурриңлер дуркимин дөретти. 1975-жылы «Болар бала бес жасынан»деген ат пенен баспадан шығарды. Оның бул туңғыш мийнетине бахытлы балалық, бахтияр өмир, туўылған жердиң гөззал тәбиятын сөз ететуғын гурриңлер кирди.

1976-1977 жылларда Алпысбай Султанов Өзбекстан илмий-көпшилик ҳәм ҳужжетли фильмлер студиясының Қарақалпақстан филиалында жумыс иследи. Ол  рус тили бойынша қәниге сыпатында редактор-дилмаш хызметинде жумысқа тартылды. Сол жылдан баслап бурын 8 фильмди қарақалпақ тилине аўдаратуғын студия жәмәәти енди жылына 12 фильмди қарақалпақшалайтуғын болды. Қарақалпақстанның белгили ул-қызларының мийнеттеги табыслары хаққында ҳужжетли  фильмлер және кино-журналлар тусирилип, республика кинотеатрларының экранларына шықты. 1976-жылы «Әмиўдарья» журналында шыққан «Аўыл жолы» кино-новелласы автордың бул мақсет жолындағы табысларының жемиси еди. Келеси жылы А.Султанов балаларға арнап «Бесинши аўыл» атлы кино қыссасын жазып питкерди.

А.Султанов 1977-жылы февраль айынан Қарақалпақстан телевидениесине редактор болып жумысқа өтеди. Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесинде (1978-1983), қайтадан телевидение ҳәм радиоеситтириў комитетинде бас редактор болып хызмет атқарды, кейин «Қарақалпақфильм» студиясында (1983-1990) иследи. Алпысбай Султанов 10 топлам, 1 тарийхый драма, 50ден аслам хүжжетли фильмлер, 60тан артық нама қосықларының авторы. Новелла жанрының жетик шебери болған жазыўшы өз шығармаларын көбинесе жаслар турмысынан алып жазады. Алпысбай Султанов 1982 жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы. 1978-жылы «Аквариум» атлы сатиралық гурриңи басылып шықты. 1979-жылы «Назбайгул», 1981-жылы «Мәрмәр тастағы жазыў», 1990-жылы «Лунная ночь», 1995-жылы «Бесинши аўыл балалары» шығармалары басылып шықты.

А.Султановтың көплеген шығармалары «Теңиз туўлайды», «Урланған бахыт», «Ҳаял муҳаббаты», «Кеўил қартаймайды», «Шобытшының қызы», «Толғақ», «Ашық қалған кунделик» бул темалар талғампаз оқыўшыны өзине тартып турады.

Ол соңғы жыллары кунделикли баспа сөз бетлеринде «Инсан бахты», «Өмир өткеллери», «Некесиз мухаббат» повестьлери менен биргеликте 20дан аслам фильмниң сценарийин жазды, 50 ге жақын көркем фильмлерди қарақалпақ тилине аўдарды, «Бухаралы қарақалпақлар», «Бабамыз Яссаўийди еслеп», «Ферғаналы қарақалпақлар» атлы проблемалық публицистикалық мақалалар дөретти. Алпысбай Султанов әдебияттың дерлик барлық жанрларында қәлем тербеткен жазыўшы, ол өзин әлпайымлылыққа салып шайырман деп есапламаса да, атақлы қосықшыларымыз, композиторларымыз тәрепинен жазылған оның 60 дан аслам қосығын намаға салып айтып жур. Оның қосықлары адамның өткен өмирин, инсанның наўқыран жаслық шағын еске түсиреди ҳәм инсанды өзиниң күнделикли тиришилик жағдайын терең ойлаўға ийтермелейди. Оларды тыңлай отырып, тиршиликтиң өмир баҳый гөззаллығын, жаслық өтип баратырса да, келешектиң жарқынлығын, инсаный қасийетлердиң мәңгилигин сезип қанаатланасаң ҳәм наманы жан-тәниң менен тыңлап, тәбият бизиң әлпешлеген анамыз болса, онда поэзия ҳәм музыка биздеги тербеткен бесигимиз. Ол әсирден әсирге өтип журекке зерде салып, ой ҳәм сезимди ийелеп, инсанға идея берип тиршиликтиң түпки арқаўы ретинде адамлар менен мәңги өмир сүреди. Алпысбай Султановтың да ҳәр бир жазған қосықлары жүректен орын алады. Әсиресе оның Аллаяр Досназаровтың өмири ҳәм мәмлекетлик хызметин изертлеў бойынша ислеген жумыслары айрықша дыққатқа ылайық. Алпысбай Султанов қарақалпақ халқына айтысып журип автономия әперген бабамыз Аллаяр Досназаров туўралы «Елим деген ер еди» атлы ҳужжетли фильмниң авторы болды, ол басқарған киноға тусириўши топар Ташкент, Алма-Ата, Уфа, Москва, Санк-Петербург қалаларын аралап, бабамыз өз қоллары менен қазған Беломор-Балтик каналы, Карелияда болды. Ол кейинги жыллары Әжинияз атындағы Нөкис педагогикалық институты «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедрасының үлкен оқытыўшысы болып иследи. Алпысбай Султанов Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы проза кеңесиниң баслығы болыўы менен бирге «Сәният» көркем өнер журналының бас редакторы лаўазымын биргеликте алып барды. Әдебият, көркем сөз өнери әзелден халық қалбиниң көриниси, ҳақыйқат ҳәм әдиллик жыршысы болып келген. Халқымыз арасынан мине усы машаққатлы тараўға пүткил өмири ҳәм теңсиз талантын бағышлаған, инсанлардың шығармаларын жас әўладқа жеткерип үгит-нәсиятлаў биз китапханашылардың ўазыйпасы.

 

Библиографик дизим:

  1. Кирисиў
  2. Алпысбай Султановтың өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети
  3. Алпысбай Султановтың өмири ҳәм дөретиўшилик

хызмети дәўириндеги тийкарғы  сәнелер

  1. Алпысбай Султановтың алған атақ ҳәм сыйлықлары
  2. Алпысбай Султановтың қосықларына жазылған намалары
  3. Алпысбай Султановтың ҳүжжетли фильмлери
  4. Алпысбай Султановтың шығармалары қарақалпақ тилинде
  5. Алпысбай Султановтың шығармалары өзбек тилинде
  6. Алпысбай Султановтың шығармалары рус тилинде
  7. Алпысбай Султанов ҳәм шығармалары ҳаққында

 

Алпысбай Султановтың өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети

дәўириндеги тийкарғы  сәнелер

1947ж. –  Мойнақ  районында  туўылған

1969ж. – Қарақалпақ Мәмлекетлик педагогикалық институтын тамамлаған

1969-1970жж. – Мойнақ  районында «Жеткиншек» газетасы редакторы

1976-1977жж.-Өзбекстан  илмий-көпшилик  ҳәм  ҳүжжетли  фильмлер

студиясының Қарақалпақстан филиалында жумыс иследи

1977-1978жж.–  Қарақалпақстан  телевидениеси  ҳәм  радиоеситтириў

комитетинде

1978-1983ж. – Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесинде

1983-1990жж. – Қарақалпақ фильм студиясында

1990 ж.- Сәният журналының бас редакторы

1991-2018жж.-Әжинияз  атындағы  Нөкис  педагогикалық  институтының

«Миллий  идея,  руўхыйлық  тийкарлары  ҳәм  хуқық  тәлими»  кафедрасының үлкен  оқытыўшысы    ҳәм  Қарақалпақстан  жазыўшылар  аўқамының  проза кеңесиниң баслығы.

 

Алпысбай Султановтың алған атақ  ҳәм  сыйлықлары

 

1981ж. – Өзбекстан жазыўшылар, журналистлер аўқамының, кино

ғайраткерлери бирлеспесиниң ағзасы.

1982ж. – Қарақалпақстан жаслар аўқамы  сыйлығының лауреаты

1982ж. – Қарақалпақстан Жоқары Кеңесиниң ҳүрмет жарлығы.

2015ж. – Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан ағла муғаллими

 

Алпысбай Султановтың қосықларына жазылған намалары

  1. «Қарақалпағым» қосығына Қ.Хилалов намасын жазған Өзбекстан ҳәм  Қарақалпақстан халық артисти «Ниҳол» сыйлығының лауреаты   М.Утемуратов атқарды.
  1. «Гөззал сени мен сүйип қалдым» қосығына Қ.Хилалов намасын жазған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти «Ниҳол» сыйлығының лауреаты М.Утемуратов атқарды
  1. «Умытпа гөззал» қосығына Қ.Хилалов намасын жазған Қарақалпақстан халық артисти М.Дошбаев атқарды.
  2. «Ўатан», «Өзбекстан» қосықларына Қ.Хилалов намасын жазған қосықларын Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти М.Сапаева атқарды
  1. «Өзбекстан Ўатаным мениң», «Бийғәрез бостан» қосықларына Қ.Хилалов намасын жазған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Б.Каримова атқарды
  1. «Қарақалпақстаным», «Өзбекстан»  қосықларына  (Қ.  Хилалов,  Ш. Пахратдинов) намасын жазған  қосықларын  Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Г.Айымбетова атқарды
  1. «Мухаббатым қайлардасаң», «Қайдасаң Дилбар» қосығын Н.Мухаммеддинов намасына «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Р.Хожасов атқарды.

 

Алпысбай Султановтың хүжжетли фильмлери

1.1970 ж.- Халық артисти Айымхан Шамуратова .
2.1970 ж.- Шымбайлы  белгили пахтакеш Амангул Сапарова.
3.1970 ж.- Өзбекстанға мийнети сиңген көркем -өнер ғайраткери, шебер қыл қәлем ийеси, Қыдырбай Сайпов «Әмиў бойының салыкешлери» ҳаққында  сюжетлер.

  1. 1991 ж.- Аўдарма киноның машқалалары.
  2. 1991 ж.- «Қарақалпақстан».
  3. 1992 ж.- «Елим деген ер еди…»: Аллаяр Доснозаровқа бағышланған хүжжетли    фильм.
  1. 1992 ж.- «Дәслепки қарлығаш»: Қасым Әўезовқа бағышланған хүжжетли фильм.
  1. 1992ж.- «Алатаўлы ағайинде…».
  2. 1992ж. – «Исенгеним – адамлар».
  3. 2000 ж.- Ана ҳаққында фильм.
  4. 2001 ж.- Шыңғыс Айтматов ҳәм қарақалпақ киносы.
  5. 2008ж.- Дөҳмет-кинороман.

 

Алпысбай Султановтың  шығармалары қарақалпақ тилинде

1972

  1. Кимнен келген бәле?: [cатиралық гүрриң] // Әмиўдәрья. – 1972.- № 7.- Б. 125.

1975

  1. Сыйпаң-Арза: [cатиралық гүрриң]// Әмиўдәрья.-1975.-№ 5.- Б. 121-122.

1976

  1. Аўыл жолы: [киноновелла] // Әмиўдәрья. – 1976.-№ 8.-Б. 93 – 96.
  2. Етик: [тымсал] // Әмиўдәрья.-1976.- № 1.- Б. 122-123.

1977

  1. Әжелден қутқарылған ақ қуў: [гүрриң]// Әмиўдәрья. – 1977.-№ 2.-Б.112-114.

1978

  1. Аквариум: [сатиралық гурриң].- Нөкис: Қарақалпақстан, 1978. – 34 б.
  2. Офицердиң әңгимеси: [гүрриң] // Әмиўдәрья.-1978.-№ 2.-Б.45 – 49.
  3. Өкиниш: [гүрриң] // Әмиўдәрья. – 1978. – № 10.- Б. 89 – 90.

1979

  1. Бахытлы болғым келеди: [повесть] // Әмиўдәрья.-1979 – № 10.-Б. 3.
  2. Назыбайгүл: [повесть ҳәм гүрриңлер]- Нөкис: Қарақалпақстан, 1979. – 95 б.

1981

  1. Мәрмер тастағы жазыў: [повесть ҳәм гүрриңлер]- Нөкис: Қарақалпақстан, 1981. – 155 б.

1985

  1. Қуралай ҳаққында ҳикая:[қосық] // Әмиўдәрья.-1985.-№ 12.- Б. 44 -45.

1991

  1. Аўдарма киноның  машқалалары:  [кино  жаңалығы]  //  Еркин Қарақалпақстан. – 1991. – 25 окт.
  1. Қарақалпақстан кино  журналының  нәўбеттеги  санында:  [кино жаңалығы] //  Еркин Қарақалпақстан. – 1991. – 28 дек.

1992

  1. «Алатаўлы ағайинде…»: [кино жаңалығы] // Еркин Қарақалпақстан. -1992. – 7 апр.
  2. «Елим деген  ер  еди…»:  [кино  жаңалығы;  Аллаяр  Досназаровқа

бағышланған фильм ] //  Еркин Қарақалпақстан. – 1992. – 14 июль.

  1. «Дәслепки қарлығаш»:  [кино  жаңалығы;  Қасым  Әўезов  ҳаққында

фильм түсирилип атыр ] //  Еркин Қарақалпақстан. – 1992. – 17 нояб.

  1. Кинемотографистлердиң Қарақалпақстан  бөлими дүзилди: // Еркин Қарақалпақстан.-1992.-9 июль.
  1. Киноға қәўендерлик керек: [Тил ҳаққында нызам орынланып атыр ма]

//  Еркин Қарақалпақстан. – 1992. – 11 июнь .

  1. Кино жаңалықлары:  [кинопремьера;  «Исенгеним  –  адамлар»]

//  Еркин Қарақалпақстан. – 1992. – 4 март .

  1. Қарақалпақстан спорты киноға түсирилип атыр: [кино жаңалығы]

//  Еркин Қарақалпақстан. – 1992. – 21 май.

  1. Қараөзектеги кинопремьера: [кино жаңалығы] // Еркин Қарақалпақстан. – 1992. – 25 окт.
  1. Фильм қаҳарманы  –  Илҳам  Эркаев:  [кино  жаңалығы]  //    Еркин Қарақалпақстан. – 1992. – 19 нояб.

1995

  1. Дәслепки директор:  [Қарақалпақстан  киносының  25  жыллығы алдынан] //  Еркин Қарақалпақстан. – 1995. – 25 февр.
  1. Дәўир менен тең қәдем таслап: [Қарақалпақстан киносының 25 жыл] //  Еркин Қарақалпақстан. – 1995. – 6 апр.

1996

  1. Ақыбет: [новелла] // Қарақалпақстан жаслары.-1996.-16 май.
  2. Бийғәрез бостан; Өзбекстаным;Өзбекстан–Ўатаным мениң:[қосықлар] // Қарақалпақстан жаслары. – 1996. – 14 март.
  1. Дөҳмет:[ҳүжжетли кинороманнан  үзинди  А.  Досназаровтың  100 жыллығы алдынан] // Әмиўдәрья. – 1996.- № 1.- Б. 122 – 123.

1997

  1. Әжел: [новелла] // Еркин Қарақалпақстан. – 1997. – 24 май.
  2. Мухаббат мухамлары: Умытпа гөззал; Яр ышқы; Cағыныш; Жангенем;

Кел мениң ярым: [нама қосықлар дүркини] // Қарақалпақстан жаслары.-1997.-2 окт.

1998

  1. Мухаббат муқамлары: Бир арыў; Назлы дилбарым ; Ярысаң сен енди өзгениң; Айгүлим; Мухаббат: [нама қосықлар дүркини] // Қарақалпақстан жаслары. – 1998 – 12 март.
  1. Қайтыў: [новелла] // Әмиўдәрья. – 1998.- №6. – Б.66-68.
  2. Ышқы: [новелла] // Еркин Қарақалпақстан. – 1998. – 15 янв.

1999

  1. Қамақтан келген хат ямаса өлим жазасына ҳүким етилген адамның ишки дебдиўлери: [гүрриң] // Еркин Қарақалпақстан. – 1999. – 12 янв.

2000

  1. Ана ҳаққында фильм: [кино жаңалығы] //  Еркин Қарақалпақстан. -2000. –  22 июль .
  2. Қайнаға: (келин тилинен), Мырзаға: (жеңге тилинен), [қосықлар]

// Қарақалпақстан жаслары. – 2000. – 30 март.

2001

  1. Шыңғыс Айтматов ҳәм қарақалпақ киносы: [кино жаңалығы] // Еркин

Қарақалпақстан. – 2001. – 23 янв.

2002

  1. Узақбай Пиржановтың пикирлеў дүньясы // Еркин Қарақалпақстан. -2002. – 9 фев.

2003

  1. Аўдарма кино да халқымыздың руўхый азығы емес пе? // Устаз.-2003.-10 июль.
  2. Мухаббатқа толы сулыў сезимлер // Устаз жолы.-2003.-6 март.

2005

  1. «Көздиң қарашығы» романында  философиялық  ой  –  пикирлер  //

Еркин Қарақалпақстан. – 2005. – 1 нояб.

  1. Көркем әдебиятта философиялық ой пикир // Еркин Қарақалпақстан. – 2005. – 6 янв.    2006
  1. Зийўарды дәрба -дәр еткен мухаббат: [мухаббат философиясы] // Еркин Қарақалпақстан. – 2006. – 10 июнь.
  1. Интизарым: [эссе, новелла] // Мәденият ҳәм спорт.-2006. – 22 июль.
  2. Келиншек бола алмаған ҳаял: [новелла ] // Қарақалпақстан жаслары.-2006.-30 март.
  3. Қарақалпақ киносының қутлы  қәдемлери:  [кинорежиссёр  Т. Қәлимбетов ҳаққынды ] // Еркин Қарақалпақстан. -2006. – 28 сент.
  1. Қарақалпақ поэзиясында философиялық  ой-пикир:    [И.  Юсупов, Т.Мәтмуратов,  С.  Ниетуллаев  қосықлары  мысалында]  //  Еркин Қарақалпақстан. – 2006. – 14 сент.
  1. Мухаббат философиясы:  [жеке  пикир-жеке  көз  қарас]

//Қарақалпақстан жаслары.- 2006.-16 нояб.

2007

  1. Ат образы – символ сыпатында // Устаз жолы. – 2007. – 13 янв.
  2. Жалғызлық: [новелла] («Еркин  заман,  еркин  адам»  таңлаўына)

// Устаз жолы. – 2007. – 30 июнь.

  1. Мухаббат мухамлары: [қосықлар]. – Нөкис: Қарақалпақстан, 2007. -40 б.
  1. Қарақалпақ прозасында  Ш.  Айтматовтың  поэтикалық  дәстүрлери:[монография] -Нөкис: Билим, 2007.-112 б.
  1. Өмир дәптери: [дүркин]; («Жаратылыс», «әкеме», «анама», «сарғыш

жапырақлар») [ қосықлар] // Мәденият ҳәм спорт.-2007.-17 нояб.

  1. Өмир: [новелла] («Еркин заман, еркин адам» таңлаўына) // Әмиўдәрья.-2007.-№ 3.-Б.55- 66.

2008

  1. Дөҳмет: [кинороман, киноновелла]. – Нөкис: Билим, 2008.- 160 б.
  2. Жүректе қайнап  шыққан  қосықлар:  [С.  Ниетуллаевтың  «Өмир

ҳаққында ойлар» топламы ҳаққында] // Еркин Қарақалпақстан. – 2008. – 3 май.

  1. Қосықларда шадлығы,  бахты,  әлеми:  [С.  Ниетуллаев  ҳаққында]

// Қарақалпақстан жаслары. – 2008. – 31 июль.

  1. Новеллалар. – Нөкис: Билим, 2008.-244 б.
  2. Өмир өткеллери: [повестьлер,гүрриңлер]. – Нөкис: Билим, 2008.-188б.
  1. Туўған жер тәрийпи: [қосықлар] // Еркин Қарақалпақстан. – 2008.   15 апр.
  1. Туўылған жер ырғақлары: [қосықлар]. – Нөкис: Билим, 2008.- 39 б.
  2. Шайыр шығармаларына философиялық талқы: [И. Юсупов поэзиясы

ҳаққында] //  Қарақалпақстан жаслары. – 2008. – 30 окт.

 2009

  1. Әдебиятымыз ғәзийнесине  ылайықлы  үлес  //  Қарақалпақстан жаслары. -2009. – 27 июнь .
  1. Көркем әдебиятта  философиялық  ой-пикир:  [әдебий-    философиялық, илмий-методикалық, эссе – мемуарлық мақалалар].- Нөкис:Қарақалпақстан, 2009. – 128 б.

2010

  1. Мухаббат мәўритлери:  [повестьлер  ҳәм  гүрриңлер  ].  –  Нөкис:Қарақалпақстан, 2010. – 128 б.

2013

  1. Жоқары журтлардағы қарақалпақлар: [жол жазыўшылары]. – Нөкис:Сәният, 2013. – 48 б.

2014

  1. Зийуардың зарлы мухаббаты: [мақала] // Сәният. – 2014.- № 3 – 4. -Б.22-23.
  2. Жалғызлық: [новелла ] // Әмиўдәрья.-2014.-№1.-Б.24-27.
  3. Метродағы ушырасыў, Ғарры ҳәм қошқар, Еки арбаша, Жойтылмай

қалған жүзик: [новеллалар] //  Әмиўдәрья. – 2014. – № 5. – Б. 6 – 24.

2015

  1. Ақ жылан: [тымсал] // Ustаz јоІі. – 2015.- 13 июнь.
  2. Балалығым: [киноқисса,новеллалар, гүрриңлер, аңызлар,апсаналар]-Нөкис: Қарақалпақстан, – 2015.- 96 б.
  3. Ғәрезсизлик дәўириниң дәстаны: [гүрриң] // Әмиўдәрья.- 2015.-№ 6. -Б. 94 – 98.
  4. Дүнья саған күлип бақсын, Зерхан: [мақала] // Cәният.-2015.-№ 3 -4.-Б.24.
  5. Нанның қәдири, ямаса қарға айналған ун: [анам айытқан әпсана]

//Қарақалпақ әдебияты.-2015.- май.

  1. Суўқабақ: [әкем айытқан аңыз] // Қарақалпақ әдебияты. – 2015.-май.
  2. Урыс қаҳарманына арналған поэма:[мақала] // Cәният. – 2015.-№ 3-4.-Б.16 -17.

2016

  1. Ақсақ ғарға ойнаған ақсақ қыз: [новелла] //Қарақалпақ әдебияты.-2016.- апр.

 

Алпысбай Султановтың  шығармалары өзбек тилинде

  1. Оқибат: [новелла] / М. Қурбонбаев таржимоси // Аму тонги.-1997.-№ 41.-23 окт.

Алпысбай Султановтың  шығармалары рус тилинде

  1. Лунная ночь: [повести и рассказы]-Нукус: Каракалпакстан,-1990.-268 с.

Алпысбай Султанов  ҳәм шығармалары ҳаққында

1997

  1. Абдиев А. Жазыўшының үлкен жанрдағы биринши тәжирийбеси:

[А.  Султановтың    «Дөҳмет»  атлы  романы  ҳаққында]  //    Қарақалпақстан

жаслары. – 1997.- 6 фев.

  1. Алламбергенов К.  Новелланың  жетик  шебери:  [А.  Султанов

ҳаққында] //  Әмиўдәрья. – 1997.- № 3 – 4. –Б .74 – 76.

  1. Қурбонниёзова Г.  Новелланинг  моҳир  устаси:  [Олтмишбой.

Султонов ҳақида] //  Аму тонги.- 1997.-11 апр.

2007

  1. Сәтбаев З,  Нәжиматдинов  Қ.    Алпысбай  Султанов

дөретиўшилигинде Досназаров темасы: //  Устаз жолы. – 2007. – 7 июль.

2009

  1. Алламбергенов К. Жазыўшы, шайыр, драматургтың өткир қәлеми:

[А. Султанов ҳаққында] //  Қарақалпақстан жаслары. – 2009.- 4 июнь.

  1. Алламбергенов К.  Өмир  шынлығы  сәўлеленген  новеллалар:  [А.

Султанов ҳаққында]  // Қарақалпақстан жаслары. – 2009.- 22 янв.

  1. Қуромбоев К. Ёзувчи салоҳияти: [Олтмишбой Султонов ижодига бир

назар ]   //  Аму тонги.- 2009. – 9 апр.

2015

  1. Сапаров Қ, Ембергенов А. Шайырдың жол жазыўлары: [А. Султанов

ҳаққында] // Устаз жолы.-2015.- 1 окт.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайының Ахборот-библиография хызмети тәрепинен таярланған материаллардан пайдаланылды.

 

Таярлаған:    Ж.Кадирбаева