«Мухаббат ҳәм ар-намыс жыршысы, қыссахан, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров 70 жаста»
(методикалық қолланба)
КИРИСИЎ
Мухаббат ҳәм ар-намыс жыршысы, қыссахан, Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Республикасына мийнети сиӊген журналист, «Әмиўдарья» журналыныӊ редакторы Халила Дәўлетназаров быйыл 70 жаста қарсыламақта. Усы мүнәсибет пенен Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы Мағлыўмат-библиография хызмети тәрепинен «Мухаббат ҳәм ар-намыс жыршысы, қыссахан, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров 70 жаста» атамасында методикалық қолланба ислеп шығылды. Қолланбаныӊ биринши бөлими «Кеўил ғәзийнеси қосыққа толы шайыр» деп аталып, бунда Халила Дәўлетназаровтыӊ өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети хаққында сөз етиледи. Екинши бөлими «Мухаббат хаққында жырлаған шайыр» деп аталып, булл бөлимде китап оқыўшылар ҳәм шайыр менен ушырасыў кешесиниӊ методикалық жол жобасы берилмекте. Үшинши бөлимге Мәлимлеме-китапхана мекемелеринде шөлкемлестирилген «Руўхый дуньясы нурлы инсан» атамасында китап көргизбесин шөлкемлестириў.
«Кеўил ғәзийнеси қосыққа толы шайыр»
Халила Дәўлетназаровтыӊ өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети
Ел-халық, Ўатан дәртин жырламаған шайыр жоқ шығар? Бирақ, ҳәр шайырдыӊ өз айтар сөзи, өз жолы бар. Бүгинги күни халқымыздыӊ сүйикли шайырларыныӊ бирине айланған Халила Дәўлетназаров 1952-жылы 10-февральда Кегейли районыныӊ «Халқабад» аўылында дийхан хожалығында дүньяға келди. Ол Халқабад аўылындағы 25-санлы орта мектепти 1969-жылы табыслы тамамлап, 1970-1975 жыллары Нөкис көркем-өнер училищесинде оқыған ҳәм әскерий хызметте болған. 1977-жылы ол «Қарақалпақстан жаслары» газетасында әдебий хызметкер болып жумыс иследи. 1979-1985-жыллар аралығында Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ филологиясы бөлимин сырттан оқып питкереди. Ол 1977-1982 жыллары «Жас Ленинши» («Қарақалпақстан жаслары») газетасында ислейди. 1982-1988 жыллары Қарақалпақстан мәмлекетлик радио еситтириў ҳәм телевидение комитетинде дәслеп редактор, кейин аға редактор болып жумыс алып барған. 1988-1995 жыллары «Қарақалпақстан» баспасында аға редактор, 1995-1996 жыллары Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясында бөлим баслығы, 1996-2009 жыллары «Еркин Қарақалпақстан» газетасыныӊ бас редакторыныӊ орынбасары лаўазымында жумыс алып барған. 2009 жылдан ҳәзирги күнге шекем «Әмиўдәрья» журналыныӊ бас редакторы лаўазымын атқарады. Халила Дәўлетназаров шайырлық, қыссаханлық пенен биргеликте журналист ретинде де хызмет көрсетти. Газетада ислеген жыллары ол журналист ҳәм публицист сыпатында мақалалар жазды. Ол Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан журналистлер аўқамыныӊ ағзасы. Халила Дәўлетназаров өзиниӊ шайырлық жолын 70-ши жылларда баслады ҳәм 80-ши жыллардыӊ орталарында белгили бир хаўазға ийе танымалы шайыр болды. Ол халқымызға бир неше поэзиялық топламларды саўға етти. Сондай-ақ, оныӊ Аббаз, Садық шайырлардыӊ жолын даўам етиўши қыссаханлығы да айрықша ҳүрмет пенен тилге алынады. Халила Дәўлетназаров поэзиясы өзиниӊ сезимталлығы, расгөйлиги ҳәм әпиўайылығы менен дараланып турады. Ол поэзияныӊ илҳамлы қыл қәлеми менен рәӊбе-реӊ сүўретлер салыўға ериседи. Халила Дәўлетназаров қарақалпақ әдебияты, мәденияты көркем өнериниӊ раўажланыўына өз үлесин қосып киятырған, шайыршылық пенен қоса қыссаханлық жағынан да көзге түсип киятырған инсанлардыӊ бири болып табылады. Насрый қосықларынан 10 нан артық китаплар, 8 поэма, 100ден артық эпифаниялар (насрый қосықлар), 200ден артық публицистик мақалалары басылып шығылды. Олардан, «Хат» (1980), «Сен маған керексеӊ» (1986), «Сен жақсы қызсаӊ» (1988), «Ашық болмаған ким бар?» (1991), «Хош бол, жаслығым» (1993), «Әлўидағ мухаббат, әлўидағ» (1993), «Дос болыў ҳәмммениӊ қолынан келе бермейди» (1994), «Ашық болып жасаӊ» (2011) поэзиялық китаплары ҳәмде «Ҳәсирет ҳәўири» (1985), «Тынышлық ҳаққында сөз» (1986), «Анама хат» (1987), «Әлўидағ мухаббат, хош бол жаслығым» (насырый) (1993), «Зийўарий шежире» (1995) ҳәм (2016) «Батырлық баязы» поэмалары.
Халила Дәўлетназаровтыӊ ашықлық қосықлары өз алдына бир төбе. Шынында да ашық болмаған ким бар? Мухаббат қосығын айтпаған ким бар? Оныӊ «Сен маған сүйемен деп едиӊ…», «Мухаббат сен маған келгейсеӊ?» ҳәм тағы басқа қосықлары адамдағы еӊ гөззал, еӊ ҳасыл сезимлердиӊ бири болған мухаббатты көркем сөзлер менен кестелеп береди. Халила Дәўлетназаров насрый (проза) сөзлер менен тереӊ ҳәм нәзик лирикалық сезимлерди бериўге болатуғынлығын көрсетти. ХХ әсирдиӊ соӊғы 30 жыллығында қарақалпақ әдебиятында жаӊа лирик форма есапланған насрый қосықлар пайда болды. Насрый қосық қара сөз бенен жазылатуғын болғанлықтан оны дөретиў әпиўайыдай туйылады. Бирақ бул форма шайырдан үлкен шеберликти талап етеди. Себеи, қара сөз көбинше эпика жанрына масс түседи. Ол эпикалық баянлаўға бейим. Соныӊ ушын да шайыр А.Ариповтыӊ «мазмунда – өмир, формада – искусство болсын» деген пикири насрый қосықларға толық тийисли. Халила Дәўлетназаров өзиниӊ барлық шығармалары менен ғәрезсизлик жылларында жоқары патриотизм менен гуманизмди жырлады. Хақыйқатшыллық пенен суўғарылған лирик қаҳарман жүрегин тереӊ ашатуғын мәртликке толы поэзия дөретти. Туўған жердиӊ топырағы менен қәдир-қымбатын, мухаббатты қәстерлеўши поэмалар жазды. Ол сондай-ақ, көплеген поэзиялық топламлардыӊ авторы. Қарақалпақстан телевидениесинде ҳәм радиосы архивинде (алтын фондында) Халила Дәўлетназаровтан жазып алынған бир неше саатлық еситтириў, көрсетиў ҳәм қысса қосықлары сақланған. Ол республикалық, қалалық «Сен жалғызсаӊ, сен муқаддессеӊ, Ўатан», Зульфия атындағы мәмлекетлик «Ниҳол» жас атқарыўшыларыныӊ, А.Шамуратова, Д.Қайыпов, З.Хожаназарова атындағы республикалық таӊлаўларда төрешилер топары белсендилериниӊ бири. Бир неше онлаған шайыр, журналист, жас атқарыўшы бақсы-жырыўлардыӊ жақын мәсләҳәтшиси, жол көрсетиўши устазы. Халқымыздыӊ сүйикли шайыры, қыссахан, журналист Халила Дәўлетназаровтыӊ әдебий дөретиўшилигине еле де үлкен табыслар тилеп, оныӊ қарақалпақ көркем өнери мәденияты жолында ислеген хызметлери ушын да өрнек болыўы сөзсиз. Бүгинги күнде 20дан артық шәкиртлери республиканыӊ мәденият ҳәм көркем өнер тараўында мийнет көрсетип келмекте.
Халық шайыры Халила Дәўлетназаровтыӊ усы күнге шекем еки жүзден аслам қосықларына нама жазылған. Шайыр қәлеминен дөреген шығармалары кәсип-өнер мектеплери ҳәм академиялық лицейлердиӊ сабақлықларына киритилген. Халила Дәўлетназаров Наўрыз ҳәм Ғәрезсизлик байрамлары мүнәсибети менен нураныйларға, мийнет ветеранларына, жәрдемге мүтәж жалғыз кекселерге, жетим балаларға ғамҳорлық көрсетип келмекте.
«Мухаббат хаққында жырлаған шайыр» атамасындағы ушрасыў кешесиниӊ методикалық жол-жобасы
Кеўиллерди гүллерге бөлеп, гөззаллық әлемине мухаббат қосықлары менен қарақалпақ әдебиятында дараланып турған Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров быйыл өзиниӊ 70 жасын қарсыламақта.
Мухаббат ҳәм насрый қосықларын бүгинги жас әўладларға таныстырып барыў мақсетинде «Мухаббат хаққында жырлаған шайыр» атамасында ушрасыў кешесин шөлкемлестириўди усынамыз.
Буныӊ ушын үлкен таярлықлар көрилип, дагазалар бериледи, мирәтнамалар тарқатылады. Кеше өтетуғын орын ылайықлы безеледи. Кешеге жазыўшы-шайырлар, журналистлер, жоқары оқыў орынларыныӊ филология факультети студентлери, сөз шебери, уллы устаздыӊ өмир жолы ҳәм дөретпелери менен қызығыўшы дөретиўши жас китапқумарлар қатнасады. Кеше қатнасыўшылары, студент жаслар тәрепинен шайырдыӊ нама қосықларынан дүзилген концерт ҳәм көркем оқыўлар шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
«Руўхый дуньясы нурлы инсан»атамасында шөлкемлестирилетуғын китап көргизбесиниӊ методикалық жол-жобасы
Мухаббат ҳәм ар-намыс жыршысы, қыссахан, Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Республикасына мийнети сиӊген журналист, «Әмиўдарья» журналыныӊ редакторы Халила Дәўлетназаров быйыл 70 жасқа толмақта. Бул сәнеге бағышлап, мәлимлеме-китапхана мекемелеринде жазыўшыныӊ дөретпелеринен китап көргизбесин шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Бул көргизбеге «Руўхый дуньясы нурлы инсан» деп атасақ болады. Китап көргизбесин шайырдыӊ қәлеминен дөреген китаплар менен ҳәм оныӊ дөретпелери ҳаккында жазылған шайыр-жазыўшылардыӊ пикирлери, журналистлердиӊ газета-журналларда жәрияланған очерклер ҳам мақалалары орын алады.
Халила Дәўлетназаровтыӊ алған атақ ҳәм сыйлықлары
Халила Дәўлетназаров 1997 жылы «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист», 2015 жылы «Қарақалпақстан Республикасы халық шайыры» атағын алды. 2021 жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниӊ 30 жыллығы мүнәсибети менен 30 жыллық естелик белгиси менен сыйлықланды.
Пайдаланған әдебиятлар:
Таярлаған: Ж.Кадирбаева
2020 - 2026© Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы