ЖАҚСЫ ГҮМАН ҲАҚҚЫНДА
Бир ҳаял таксидиң арқа орыны бос бола турып, айдаўшының қасына отырды. Себеби, айдаўшы оның күйеўи еди.
Сақалы бар бир киси азан айтылған мешит алдынан намаз оқымай өтип кетти. Себеби, ол сол мешит қасындағы мешитте имам еди.
Бир киси поёзд бәндиргисинде нәўбет күтип отырар еди. Бир киси оған сәлем берди. Ал, ол жуўап қайтармады. Себеби, оның қулағы еситпес еди.
Усы сыяқлы мысалларды көплеп келтириў мүмкин. Көбинесе әтираптағы инсанларға қарата оның сыртқы көринисине қарап пикирлеп қоямыз. Көп ҳалларда ис бизлер ойлағаннан басқаша болып шығады. Кейин өзимиз әттең айтып қаламыз. Болар ис болды. Енди әттең айтыўдың пайдасы жоқ. Усындай жағдайларда бизлер жақсы гүман сыпатын өзимизде пайда етип алыўымыз керек.
«Ҳәй ийман келтиргенлер! Көп гүманлардан шетте болыңлар, себеби базы гүманлар гүна…» Ҳужурот сүреси.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:
«Гүманнан сақланың. Себеби, ол ең жалған гәп».
(Бухарий ҳәм Муслим рәўияты)
Имам Байҳақий раҳматуллаҳи алайҳи санады менен Жаъфар ибн Муҳаммад раҳматуллаҳи алайҳиден рәўият қылады:
Ол айтады:
«Егер бирәдарың ҳаққында сен жақтырмайтуғын нәрсе жетип келсе, бирден тап жетписке шекем үзир изле. Егер таўа алмасаң. Бәлки мен билмеген үзир болса керек, деп айт».
Солиҳлерден бири айтады:
«Аллаҳға ант етемен, бендеге ислеринде өзиниң нийетин билиў мүшкил. Өзгелердиң нийетлерин ол қалай билсин?!».
Аллаҳ жақсы гүманда болыўымызды Өзи аңсат әйлесин!
2020 - 2026© Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы