«Өз қалаӊды жаяў гезип өт» жойбары бойынша районымыздағы тарийхый орынлар, еӊ әҳмийетли объектлер, мешит, музей ҳәм дем алыў орынлары бойынша бағдарланған жөнелислер ислеп шығылды ҳәм бүгин, 2021-жыл 12-июнь күни китапхана хызметкерлери тәрепинен жойбардыӊ биринши басқышы “Мениӊ қалам” жойбары бойынша районымызға белгили болған имәрәтлардыӊ бири «Тахиатош дон акционерлик жәмиети» кәрханасына барылды ҳам бул жердеги ислеп шығарыў басқышлары, тарийхый материаллар, архив фото сүўретлер менен танысып шығылды.
Кәрхана жайласқан майдан 20 гектарды ийелеген болып, бунда тийкарынан, дигирман цехи, гүриш цехи, жем цехи, еки элеватор, механика, қазанхана, транспорт, қалталарды қайта ислеў сыяқлы жәрдемши цехлардан ибарат болған. «Тахиатош дон акционерлик жәмиети» ниӊ қурылысы 1966-жылларда басланған. Биринши қурып питкерилген объект-48 мыӊ тонна сыйымлықтағы №1-элеватор болған. 1973-жылдыӊ декабрь айында суткасына 300 тонна өнимди ислеп шығарыў қуўатына ийе гүриш ислеп шығарыў цехи иске түсирилген. 1975-жыл март айынан баслап күнине 240 танна бийдайды қайта ислейтуғын ун цехи иске түсип, өним бере баслаған. 1977-жылдан баслап 500 тонна ҳәр түрли аралас жем ислеп шығарыў цехи иске түсип, 1979-жылы бийдай кабыл қылыў элаваторы өз жумысын баслаған ҳәм жыл даўамында 28 мыӊ тонна бийдайды қабыл кылыў имканиятына ийе болған. 1995 –жылдыӊ 31-май сәнесинде кәрхана «Тахиатош дон акционерлик жәмиети» болып кайта шөлкемлестирилди.

2020 - 2026© Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы