
Дослық ҳәм мухаббат ҳаққындағы нақыл-мақаллар
Қалада мың киси бар,
Ким менен кимниң иси бар.
Ҳәрким танығанына сәлем береди.
Күлме достыңа,
Келер алдыңа.
Айрылатуғын дос,
Ердиң артқы қаснағын сорайды.
Жолаўшы жолда керек.
Қыймасың келсе қыярсаң,
Барыңды алдына үйерсең.
Үйинде асы жоқтың,
Дүзде досы болмайды.
Перзентсиз адамның,
Кеўлиниң хошы болмайды.
Бурын қандай ашна болсаң,
Айрылысатуғын күни дос бол.
Жигиттиң мың душпаны болса,
Мың дос-жорасы болады.
Досың мың болса да аз,
Душпаның бир болса да көп.
Дос досқа зыянкес емес.
Ыссыны әдеп өзиңе бас,
Жақса достыңа бас.
Ашыў – араз, ақыл – дос.
Ақылсыз достан,
Ақыллы душпан артық.
Жақсы менен жолдас болсаң,
Кейни жақсы болады.
Жаман менен жолдас болсаң,
Кейни урыс болады
Жаман жолдас та-жаў.
Сақый – дос көбейтеди,
Бақыл – мал көбейтеди.
Дос алдыңнаң қарар,
Душпан кейниңнен қарар .
Жақсы жолдастың баҳасы жоқ.
Көз көргенниң жүзи таныс.
Жан достың жанынан кешседе,
Мал достың малынан кешпес.
Шын достың қәбириңе шекем барады,
Жаман дос бир қарайды да қалады.
Дос-досқа жалынады,
Жалынса кеўли алынады.
Достың сыртынан өсек айтпа,
Бир күн қулаққа шалынады.
Есаплы дос айрылыспас,
Айтыўлы достың жаны бир.
Жолдасы жаманды жаў алады.
Қәдирданың болмаса,
Қәдириң кетер.
Дос – достың айнасы.
Досың дос болсын,
Бирақ есабың дурыс болсын.
Достың гөнеси жақсы,
Кийимниң жаңасы жақсы.
Достыңның үйинде тырнақ алма,
Душпанның үйинде шаш алдырма.
Досыма айттым сөзимди,
Душпаным билди сырымды.
Дослықта мәнзил болмас.
Душпанның күлгени,
Сырың билгени.
Дослыққа дослық – қарыз ис,
Душпаныңа әдил бол.
Дос досқа қолын берсе,
Арасынан қыл өтпейди.
Досқа дос келеди сырласыўға,
Жаўға жаў келеди мушласыўға.
Асы көптиң тәни семиреди,
Досы көптиң жаны семиреди.
Жан досыңа ат берме,
Ат берсең де «әтсе жүр» деме.
Айрылысатуғын дос аяўлыңды сорайды,
Бермесең бетиңе қарайды.
Дос табылса ас табылмайды,
Ас табылса дос табылмайды.
Достың атын алма, тайын ал.
Достыңның пышағы менен мүйиз кес,
Душпаныңның пышағы менен кийиз кес.
Достың аўырса күйин,
Душпаның аўырса сүйин.
Достың кеўлине қарап,
Душпанға күлки болма.
Көп сөйлеген я қурдасынан,
Я жолдасынан айрылады.
Қырқ атаның болғанша,
Қырқ досың болсын.
Қәдирлесең қәдириң артар,
Қәдирсизден ҳәмме қашар.
Терек тамырына сүйенер,
Адам досларына сүйенер.
Дузың болмаса да досың болсын.
Отаўың болмаса да қонысың болсын.
Душпан не демейди,
Түске не кирмейди.
Жазалы урының бир бети жара,
Жазалы душпанның еки бети қара.
Достың менен дос болғанға шадлан,
Душпаның менен дос болғаннан сақлан.
Достың кеўлин, дегишпе қалдырады.
Душпанға кеңес берген де ақмақ,
Кеңес алған да ақмақ.
Достыңның душпанынан қанша сақлансаң,
Душпаныңның достынан да сонша сақлан.
Достыңа ет туўрат,
Душпанға қаўын тилдир.
Ашшы болсаң уўдай бол,
Тийген жерин күйдирсин.
Душшы болсаң суўдай бол,
Душпаның келип сүйдирсин.
Жолдасқа дослық – өмириң мәслик,
Жолдасқа доссызлық – кеўил хошсызлық.
Татыў дос болған адамлар,
Жатқа кетпей жарасар .
Жақсы достың пайдасы тийер ҳәр жерде,
Жаман дос қалдырар бәрҳа зәлелге.
Жолсыз жүрип зорықсаң,
Жол қәдирин билерсең.
Жалғыз жүрип зорықсаң,
Ел қәдирин билерсең.
Ашаршылықтан тарықсаң,
Ас қәдирин билерсең.
Сырласарың болмаса,
Дос қәдирин билерсең.
Досы көп пенен сөйлес,
Досы жоқ пенен сырлас .
2020 - 2026© Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы