Тақыятас районы
Мәлимлеме-китапхана орайы

Тақыятас районында «Китапсүйер миллет» сүрени астында «Китапқумарлық ҳәптелиги» ниӊ ашылыў кешеси өткерилди.


Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2020-жыл 14-декабрь  күнги “2020-2025-жыллардағы китапханлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий дәстүрин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 781-санлы қарарында апрель айында  “Китапқумарлық  ҳәптелиги”ги  өткерилиў  белгиленген.   Усы жылдыӊ  18-апрель күни, усы қарардыӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Тақыятас районында «Китап сүйгиш миллет»сүрени астында  район ҳәкимлиги, районлық Мәлимлеме-китапхана  орайы ҳәм район Халық билимлендириў бөлими, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Тақыятас районы  бөлими менен биргеликте «Китапқумарлық ҳәптелиги»ниӊ ашылыў мәресими өткерилди.   Иләж өткерилместен алдын, китапхан жаслар ҳәм қатнасыўшылардыӊ нәзерине китапхана хызметкерлери тәрепинен китаплар көргизбеси шөлкемлестирилип, китапханамыздаға жаңадан келген китаплар менен таныстырылып өтилди.   «Китапқумарлық ҳәптелиги»ниӊ ашылыў кешесине, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў  орайы Тақыятас районы бөлими басшысы   Б.Палўаниязов, район Халық билимлендириў бөлиминиӊ сабақлықлар бойынша методисти Б. Камалова, “Тақыятас хабарлары” редакторы Т. Шамекова ҳәм мектеплердиң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылары ҳәм китапханашылары, китапхан жаслар қатнасты.
Иләжды, Тақыятас районы Мәлимлемме-китапхана орайы директоры Н. Султанова ашып берип, бүгинги иләждың мақсети ҳәм ўазыйпалары  ҳаққында  түсиник берилип, бир ҳәпте даўам ететуғын «Китапқумарлық ҳәптелиги»не даўамында өткерилетуғын ушырасыўлар, таӊлаўларға  барлық жасларды белсене қатнасыўларын айтып өтти.    Соның менен бирге, Т. Шамекова,  Б.Палўаниязов, Б. Камалова бүгинги күнде жаслармыздыӊ китапқа оқыўға болған қызығыўшылығы күннен-күнге артыпбаратырғанлығы, ҳәр тәреплеме сана-сезими раўажланған  инсан болып тәрбияланыўда китаптың орны өз-алдына екенлиги  айтып өтип өз пикирлерин билдирди.  Иләж даўамында, китапхан жаслардыӊ қатнасында тамашагөйлерге  консерт бағдарламасы қойып берилип, қызықлы викторина сораў -жуўаплар ойынлары шөлкемлестирилип, мазмунлы ҳәм қылықлы болып өткерилди.